Беруний ҳәм Төрткүл районында, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Агрохызметлер орайы, район ҳәкимликлери ҳәм аўыл хожалығы бөлимлери, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң районлық бөлимлери ҳәм тараў илимпазлары менен биргеликте семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға районның дийқан фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң басшылары, районлардағы пахта ҳәм ғәллешилик бағдарындағы барлық кластерлер, аўыл хожалығы кәрханаларының басшылары, шигит егиў отрядларының басшылары, пахта жетистириў бағдарындағы кластерлер ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.
Мақсет – 2025-жылдың өними ушын ғаўаша сортларын оптимал түрде жайластырыў ҳәм жоқары нәтийжели жергиликли интенсив агротехнологияларды енгизиў, сондай-ақ, ғаўаша туқымгершилиги менен байланыслы илажларды нәтийжели шөлкемлестириў болып есапланады.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары Н.Каюпов шығып сөйлеп, 2025-жылдың өними ушын ғаўаша сортларын оптимал түрде жайластырыў ҳәм жоқары нәтийжели жергиликли интенсив агротехнологияларды енгизиў және ғаўаша туқымгершилиги менен байланыслы илажларды шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар туўралы мағлыўматлар берип, аўыл хожалығында жумыс алып барып атырған барлық кәрханалар менен бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.
Атап өтилгениндей, бәҳәрги егиске таярлық бүгиннен басланса, жоқарыда атап өтилген ўазыйпалар толық ҳәм сапалы орынланса, күткен нәтийжелеримиз унамлы болады.
Семинарда районлық агро мәсләҳәтшилер арқалы инновациялық қолланбалар ҳаққындағы мағлыўматларды аймақтағы дийқан ҳәм фермер хожалықларына жеткериў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша өз-ара бирге ислесиўде усыныслар берилетуғынлығы айтып өтилди.
Илажда қатнасыўшылар да өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги