Ҳүкиметтиң қарары менен (8-санлы, 11.01.2025 ж.) Министрлер Кабинетиниң қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 132-санлы қарарына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Соның ишинде, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў шөлкемлериниң асханалары исбилерменлик субъектлерине  “E-AUKSION” электрон саўда платформасы арқалы таңлаў тийкарында ижараға бериледи.

“online-ijara.uz” мәлимлеме системасы арқалы билимлендириў шөлкемлери асханаларының есабатын жүргизиў ҳәм оларды ижараға бериў мүмкин.

Сондай-ақ, билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатланыў шөлкемлестирилиўин мониторинг етиў ҳәм қадағалаў, республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының атамаларын нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў мүмкин.

Таңлаўда төмендеги талапларға жуўап беретуғын ижараға алыўшылар қатнасыўы мүмкин.

Соның ишинде, исбилерменлик субъектлерин жүргизиў ушын мәмлекетлик дизимнен өткен, улыўма аўқатланыў бойынша кеминде 6 ай даўамында жумыс алып барып атырған, асхана жумысы бағдары бойынша арнаўлы үскенелерге ийе болған, шәртнама ҳәм суд ҳүжжетлери бойынша ижара ҳәм салық төлемлеринен қарыздарлығы болмаған шахслар қатнасыўы мүмкин.

Гулноза Бобоева, ӨзА