Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар!

Ҳүрметли Қураллы Күшлеримиз ветеранлары!

Қәдирли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Бәршемиз ушын мақтаныш тымсалына айланған мине усы қутлы әййямда өз өмирин Ўатанды қорғаўдай уллы иске бағышлаған батыр ҳәм дәўжүрек жигитлеримизди, қәдирли ветеранларымызды қутлықлап, олардың ҳүрметине ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Сизлердиң күш-ғайратыңыз, ел-журтқа садықлығыңыз нәтийжесинде халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысы тәмийинленбекте, елимиздиң қорғаныў потенциалы беккемленбекте, миллий армиямыздың жаўынгерлик қәбилети артпақта.

Елимиз бойлап мәртлик гимнлери жаңлап атырған бүгинги уллы күнлерде Ўатан алдындағы ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған қаҳарман әскерлеримиздиң мәңги естелиги алдында бәримиз ҳүрмет көрсетемиз.

Пурсаттан пайдаланып, мәрт ҳәм баҳадыр ел сақшыларын тәрбиялаған барлық ата-аналарға, әскерий хызмет даўамында Ўатан қорғаўшыларына таўдай сүйениш болып атырған олардың шаңарақ ағзаларына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз дослар!   

Соңғы жылларда алып барылып атырған кең көлемли реформаларымыздың нәтийжесинде Қураллы Күшлеримиз елимиз ғәрезсизлигин, шегараларымызға қол қатылмаўын, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдиң ҳақыйқый кепилине айланып бармақта.

Барлық армия түрлери заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинленбекте. Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығы үзиликсиз артып бармақта.

Ең әҳмийетлиси, халық пенен армия барған сайын жақын болып атырғаны әскерий тараўдың раўажланыўына жаңаша күш ҳәм сапа бағышламақта.

Бүгинги күнде нәўқыран әўладларымыз арасында әскерий хызметке қызығыўшылық күшейип, мыңлаған жигит-қызларымыз Ўатанды қорғаўға исенимли бел байлап атырғаны бәршемизди шексиз қуўандырады. Биз әне, усындай жүрегинде жалыны бар перзентлеримиз  тымсалында болажақ қаҳарманларымыз, Қураллы Күшлеримиздиң болажақ офицер ҳәм генералларын, шебер сәркардаларын көремиз.

 Ҳәзирги ўақытта барлығымыз жақсы түсинемиз, бүгинги күнде, дүнья көлеминде ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер қураллы соқлығысыўлар барған сайын ҳәўиж алып атырған оғада қыйын жағдайда Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын, әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм руўхый таярлығын арттырыў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Усы мүнәсибет пенен «Өзбекстан – 2030» стратегиясы тийкарында бул бағдарда баслаған жумысларымызды пүткиллей жаңа сапа басқышына көтериўимиз шәрт. Атап айтқанда, Қураллы Күшлеримизди жаңа модернизацияланған оқ атыў системалары ҳәм техника менен тәмийинлеўди әскерий ҳәрекетлер театры өзгешеликлерин, әскерлерди раўажландырыўдың тийкарғы бағлдарларын есапқа алған ҳалда даўам еттиремиз.

Әскерий хызметкерлердиң интеллектуаллық потенциалын көтериў, жасларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мектеплерде басланғыш әскерий билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқытыўшы-жасларды әскерий хызметке таярлаў жумысларын күшейтиўге айрықша итибар қаратамыз.

Әскер ҳәм офицерлердиң профессионаллық шеберлиги, әскерий билим журтларында тәлим-тәрбияның нәтийжелилигин арттырыў, қәнигели әскерий кадрлардың резервин жаратыў турақлы тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.

Әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, Қураллы  Күшлеримиз ветеранларын социаллық қорғаў ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў буннан былай да дыққатымыз орайында болады.

Әне усы әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўда, әлбетте, әскерий-ҳәкимшилик секторлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ҳәм кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, халық пенен пикирлесиў ҳәм мәсләҳәтлесиў тийкарында, оның қатнасыўында әмелге асырылған жумыс әлбетте қүдиретли унамлы күшке ийе болады.

Улыўма, бүгинги күнде бәршемиз –  қайсы тараў яки тармақта, қандай лаўазымда ислемейик, Ўатан қорғаўшысы болыўымыз керек. Бул талапты заманның өзи алдымызға қатаң ўазыйпа етип қоймақта ҳәм халқымыз да бизден әне усыны күтпекте.

Қәдирли Ўатан қорғаўшылары!

Ана ўатан қалқанлары, тынышлық сақшылары улығланатуғын мине усы қуўанышлы күнде сиз, әзизлерди даңқлы байрамыңыз бенен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге муқаддес антыңызға садық болып, хызмет ўазыйпаңызды жоқары дәрежеде атқарыўда беккем денсаўлық, үлкен табыслар, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық, қут-берекет тилеймен.

Жанажан Ўатанымызды қорғаў жолында ҳеш қашан шаршамаң, табыслар ҳәм жеңислер бәрқулла сизге яр болсын!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти,

Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы