Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен өткерилип атырған байрам илажлары орынларда көтериңкилик руўхында даўам етпекте.

Қанлыкөл районындағы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў  мектебинде де «Ўатанды мәртлер қорғайды» атамасында байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Кешеде оқыўшылар тәрепинен таярланған әскерий шынығыўлардан көринислер, қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Байрам мүнәсибети менен жыл даўамында жетискенликлерге ерискен бир қатар муғаллимлер ҳәм оқыўшылар мектеп админстрациясы тәрепинен “Ҳүрмет жарлық”лары менен сыйлықланды.



Сондай-ақ, жасларды Ўатанымызды қәдирлеў, оның ғәрезсизлигин қорғаў жолында садық хызмет етиўши инсан етип тәрбиялаўда ата-аналардың орны айрықша.

Бүгинги күнде Қанлыкөл районынан 54 жас өзлериниң Ўатан алдындағы перзентлик ўазыйпасын орынлаў ушын әскерий хызметти өтемекте.

Байрам мүнәсибети менен әскерий хызметин өтеп атырған бир қатар белсенди жаслардың ата-аналарынан хабар алынып, байрам менен қутлықлап, перзентлерин халқымыз ушын бийбаҳа байлық болған мәмлекетимиздиң ғәрезсизлиги ҳәм тынышлығын қорғаў руўхында тәрбиялағаны ушын оларға миннетдаршылық билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги