Президенттиң «Өзбекстан -2030 стратегиясын «Қоршаған-оралықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылы»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Жойбарда 2025-жылы өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаў, көбейтиў ҳәм оларды кейинги әўладқа жеткериў бойынша бир қатар жумысларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Соның ишинде, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў ушын тастыйықланған квоталар ҳәм өсимлик дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын руқсатнамаларды электрон аукцион арқалы бериў енгизиледи.
Онда:
-квоталар Илимлер академиясы тәрепинен ҳәр жылы анықланатуғын өсимлик резерви тийкарында қәлиплестириледи;
– квота ҳәм руқсатнамалар Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен тастыйықланып, аукционға шығарылады.
Сондай-ақ, ҳайўанат дүньясы шығынларының орнын қаплаў мақсетинде 2025-жыл 1-сентябрьден 2028-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағында аң аўлаўға мораторий (шеклеў) енгизиледи.
Онда:
-мораторий фермалар, питомниклер, инкубаторлар, балықшылық питомниклер ҳәм бассейн хожалықларында сақланып атырған ҳәм (яки) жетистирилетуғын жабайы ҳайўанларды аўлаў ҳәм санитар мақсетлерде аң аўлаўға қолланылмайды;
– аңшыларға альтернатив оқыў сыпатында аймақларда оқ атыў спортына қәлиплестирилген арнаўлы полигонларда хызмет көрсетиў жолға қойылады;
-қалалардағы тәбийғый суў сақлағышлар ихтиофаунасының популяциясын қайта тиклеў мақсетинде республиканың орайлық қалаларынан ағып өтиўши дәрья ҳәм сайларда 2025-жылдан баслап, ҳәр жылы 15 тоннадан аз болмаған шабақларды көбейтиў жумыслары әмелге асырылады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги