Футбол бойынша 20 жасқа шекемги жаслар арасындағы Азия кубогине таярланып атырған  Өзбекстан сайланды командасы бүгин Ташкент қаласында өзиниң дәслепки оқыў жыйынын баслап жиберди.

Команда бас тренери Фарҳад Нишанов оқыў шынығыўларына елимиздиң ең күшли 26 жас футболшысын шақырды. Қуўанышлы тәрепи сонда, олардың арасында қарақалпақстанлы дәрўазаман Самандар Муратбаев ҳәм ярым қорғаўшы Муҳаммедали Реймовлар да бар.

Ташкенттеги оқыў шынығыўлары жуўмақланғаннан соң Өзбекстан жаслар сайланды командасы Қатар пайтахты Доҳаға ушып кетеди ҳәм ол жерде 17-январь күни Сирия ҳәм 22-январь күни Қатар U-20 сайланды командаларына қарсы дослық ушырасыўларын өткереди.

Азия кубоги жарыслары болса, усы жыдың 6-февраль күни Қытайда басланады ҳәм онда Өзбекстан жаслар сайланды командасы әмелдеги чемпион сыпатында ойынларға кириседи. Кубок беллесиўлериниң топар басқышында командамызға Иран, Индонезия ҳәм Йемен жаслар сайланды командалары қарсылас болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы