Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA)ниң Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығының орынбасары Ли Мин Жёнг басшылығындағы делегация ағзалары арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў процесинде «Өзбекстанда кадрлар таярлаў, оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша орай ҳәм инновациялық мәмлекетлик мектепке шекем билим бериў шөлкемин қурыў арқалы мектепке шекемги билимлендириўде педагог кадрлардың потенциалын арттырыў» жойбары шеңберинде биргеликте әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси режелер додаланды.
Атап өтилиўинше, өткен жыл даўамында жойбар шеңберинде бир қатар жумыслар алып барылды. Соның ишинде, 6 мыңға шамалас оқытыўшы ҳәм тәрбияшының маманлығы каскад усылында арттырылды, педагоглардың маманлығын арттырыў ушын 200ге шамалас тренерлер таярланды.
Быйылғы жылы жойбар шеңбериндеги қурылыс жумысларын 80 процентке жеткериў, 500 мектепке шекемги билимлендириў тараўы педагогларының маманлығын арттырыў ҳәм оның ушын 88 тренер таярлаў нәзерде тутылған.
Мағлыўмат орнында KOICA менен биргеликте әмелге асырылып атырған бул жойбар мүддети 2026-жылға шекем мөлшерленгенин атап өтиў зәрүр.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА