2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм былғары-галантерея санааты бағдарларында өндирислик жумыс алып барып атырған исбилерменлерге айырым талаплар тийкарында салықтан жеңиллик бериледи.

Президентимиздиң 2024-жыл 27-декабрьдеги ПП-229-санлы пәрманына бола, тийисли министрлик ҳәм уйымлар бул бағдарда усы жылдың февраль айына шекем нызам жойбарын ислеп шығады.

Атап өтилгениндей, төмендеги барлық шәртлерге бир ўақыттың өзинде жуўап беретуғын исбилерменлик субъектлери ушын пайда салығы ҳәм өзлериниң хызметкерлери ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ставкалары 1 процент етип белгиленеди:

– жәми хызметкерлер санының кеминде 15 проценти Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың ағзаларынан ибарат болғанда;

-ҳәр айда ҳәр бир хызметкерге мийнет ҳақы муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының еки есесинен кем болмаған муғдарда есапланғанда;

– салық дәўиринде тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм былғары-галантерея өнимлерин реализациялаўдан түскен улыўма түсими жәми товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәраматтың кеминде 90 процентин қурағанда,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги