Бүгин, 8-январь күни Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан ҳүкиметлери басшыларының ушырасыўы болып өтти.
Тәреплер бул ушырасыў үш мәмлекет басшылары арасында мәмлекетлик шегара мәселелери бойынша алдын ерисилген келисимлер шеңберинде өткерилип атырғанын, олар бирге ислесиў ҳәм регионаллық интеграцияны беккемлеў тилегин бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырғанын атап өтти.
Бас минитсрлер саўда, логистика, суў-энергетика, мәдений-гуманитарлық байланыслар сыяқлы әҳмийетли бағдарларда өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ушын мәмлекетлер үлкен потенциалға ийе екенин атап өтти. Бирге ислесиўдиң әҳмийетли қурамлық бөлеги, олардың пикиринше, трансшегаралық ҳәм регионлараралық раўажланыў болып, бул мәмлекетлер арасындағы өз-ара бирге ислесиўди жақсылаў механизми болып есапланады.
Буннан тысқары, ушырасыўда Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасындағы мәмлекет шегарасын делимитациялаў ҳәм «Қырғызстан –Өзбекстан мәмлекет шегарасы ҳаққында»ғы шәртнама ушын ратификация ҳүжжетлери алмасыў процессии жуўмақланғаны атап өтилди.
Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасындағы 2024-жыл 4-декабрьдеги мәмлекетлик шегараны ҳаққындағы келисимде Қырғызстан –Тәжикстан мәмлекетлик шегарасының қалған участкаларын бөлистириў процесин жуўмақлаў айрықша әҳмийетли екенлиги атап өтилген. Ушырасыўда жумысшы топарлар қысқа ўақыт ишинде жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди таярлаўы керек екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша ҳүкимет басшылары бүгинги ушырасыў ҳалықлар ҳәм мәмлекетлердиң абаданлығы мәплеринен келип шыққан ҳалда регионның онлаған жыллардағы тәғдирин шешетуғынына исеним билдирди. Мәмлекет басшыларының алдағы болып өтетуғын ушырасыўы туўысқан мәмлекетлер арасында жақсы қоңсышылық ҳәм көп тәреплемели шериклик қатнасықларын раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў үш мәмлекет –Қырғызстанның Боткен ўәлаяты, Өзбекстанның Ферғана ўәлаяты ҳәм Тәжикстанның Сўғд ўәлаяты мәмлекетлик шегаралары байланысқан аймақта болып өтти,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги