Спорттағы табыслар жаңа жылда да жалғаса бергей

«Спорт тынышлық елшиси» деп бийкарға айтылмаған. Дүнья жүзиндеги бир неше мәмлекетлерди, түрли миллет ҳәм халықларды дослыққа бирлестиретуғын спорттың қай дәрежеде раўажланғаны сол елдиң спортшыларға болған итибары, оларға жаратылып атырған имаканиятларынан көзге тасланып турады. Мәмлекетимизде басқа тараўлар қатарында спорт тараўында да кең көлемли реформалар алып барылып, тараўды раўажландырыў, халықаралық жарысларда спортшыларымыздың мүнәсип қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерисиўи ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Биз тараўдағы алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы спорт министри Адилбек Алланазаров пенен сәўбетлесип, өтип баратырған 2024-жыл нәтийжелери ҳәм жаңа 2025-жылға белгиленген режелер ҳаққында пикирлескен едик.
-Өткен 2024-жылды алдынғы жыллар менен салыстырғанда республикамыз спортшылары қандай нәтийжелер менен жуўмақлады?
-Өткен «Жаслар ҳәм бизнести раўажландырыў жылы» елимизде үлкен табыслар, жаңаланыўлар менен есте қалмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға сапары ҳәм исбилерменлер менен ушырасыўы, тараўлардағы ерисилген табыслар ҳәр биримиз ушын қуўанышлы демлер менен есленеди. Әсиресе, Журтбасшымыздың ҳәм Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңеси баслығының қоллап-қуўатлаўы менен спорт тараўында да көплеген табысларға ерисилди.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында жәми 48 спорт федерациясы ҳәм ассоциациялары жумыс алып бармақта. Соның 24 и олимпия, 1 паралимпия ассоциациясы 19 ы олимпия емес ҳәм 4 и миллий спорт түрлери бойынша федерациялар болып саналады. Спортшыларымыз 2024-жылда Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоклары, Азия, Жәҳән чемпионаты ҳәм кубоклары, Халық аралық турнирлерде мүнәсип қатнасып, жәми 3 547 медаль қолға киргизилди.
Бул кѳрсеткишлерди 2023-жылдың жуўмағы менен салыстырғанда спортшыларымыз тәрепинен Өзбекстан, Азия, Жәҳән чемпионатлары кубокларында ҳәм халықаралық турнирлерде қолға киргизилген медальлар саны 3195 болды. Бул медальлар саны алдынғы жыл менен салыстырғанда 352 медальға көбейген. 2023-жылда Қарақалпақстан Республикасы спортшылары спорт түрлери бойынша Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамынан 728 спортшымыз орын алған болса, 2024-жылға келип бул көрсеткиш 912 спортшыға артты.
Сайланды командаға спортшы жеткерип бериў бойынша 2023-жылға салыстырғанымызда 2024-жылы 184 спортшыға көбейгенлигин көриўимизге болады.
Спортшыларымыз 2024-жылы Өзбекстан сайланды командасы қурамында өткерилген абырайлы спорт жарысларында мүнәсип қатнасып, сыйлы орынларды ийелеўге еристи. Атап айтқанда, 2024-жыл 11-24-июнь күнлери аралығында Казан қаласында (Россия) болып өткен BRICS халықаралық спорт ойынларында спортшыларымыз мүнәсип қатнасып 5 (2 гүмис, 3 бронза) медальды қолға киргизди.
Атап өтетуғын болсақ, Индира Елмуратова самбо бойынша бронза медаль, Дильфуза Айымбетова ҳаяллар гүреси бойынша бронза медаль, Муса Аймуратов қылышласыў бойынша бронза медаль, Зайнаб Дайыбекова ҳәм Гүлистан Пердебаева қылышласыў бойынша гүмис медалын қолға киргизди.


Буннан басқада спортшыларымыз Якутия қаласында (Россия) 2024- жылдың 25-июнь ҳәм 7-июль күнлери өткерилген “Азия балалары” спорт жарысына да спортшыларымыз мүнәсип қатнасып, онда спорттың Таэквандо ВТ түри бойынша Феруза Ерназарова гүмис медаль, баскетбол 3х3 бойынша Радмир Салимов гүмис медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Сондай-ақ, спорттың қылышласыў түриниң сабля бағдары бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Зайнаб Дайыбекова, спорттың ҳаяллар гүреси түри бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте қатнасқан Ақтеңге Кеўнимжаева, көркем гимнастика бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Шаҳноза Ибрагимова, дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Шарофоддин Болтабоев Париж қаласында өткерилген 4 жыллықтың ең абырайлы спорт жарысы Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларына нәтийжели катнасты.
Олимпиада ойынларында дзюдо бойынша Шарофиддин Болтабоев күшли 7 ликтен орын ийелеген болса, көркем гимнастика бойынша Өзбекстан сайланды командасы Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Олимпия ойынларының финал баскышына қатнасып, жерлесимиз Шаҳзода Ибрагимова командалық ойынға жолламаны колға киргизип олимпия ойынларын күшли 8-орында жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылы спорт түрлери бойынша Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоклары ҳәм Азия чемпионаты спорт жарыслары да көтериңки дәрежеде өткерилди. Соннан 2024-жыл 15-20-апрельде Футзал бойынша Өзбекстан чемпионатында, 27-апрель ҳәм 2-майда баскетбол бойынша Өзбекстан чемпионаты II тур ойынлары, 16-19-майда Мас рестлинг бойынша Азия чемпионаты, 30-май ҳәм 4-июньда баскетбол бойынша Өзбекстан чемпионаты III тур ойынлары, 9-14-июньда гандбол бойынша Өзбекстан чемпонаты спорт жарыслары жоқары дәрежеде өткерилди. 27-28-сентябрде қол урысы бойынша халықаралық турнир, 2-3-ноябрь күнлери 60 жас ҳәм оннан жоқары болған ветеран футболшылар арасында Өзбекстан бириншилиги жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткерилди. 16-18-декабрь күнлери пайтахтымызда белбеўли гүрес бойынша ер балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубоги болып өтип, онда барлық ўәлаятлардан 200 ден аслам спортшылар қатнасып, республикамыздың спортшылары биринши орынды ийелеўге миясар болды.
-Тараўда алып барылып атырған қурылыс жумыслары спортшыларымыздың жақсы нәтийжелерге ерисиўине тийкар жаратары анық. Бул бойынша нелерди айтқан болар едиңиз?
-Әлбетте, тараўда алып барылып атырған қурылыс жумыслары тараўдың раўажланыўына хызмет етеди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасында 4 спорт объектлеринде 52, 2 млрд сум муғдарындағы қаржылар есабынан қурылыс-оӊлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген. Соннан, 14,2 млрд.сум қаржылар есабынан Нөкис қаласы «Тақыятас гүзары» МПЖ аймағынан “Гүрес шеберлиги” спорт мектебин қурыў нәзерде тутылған болып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары қызғын пәт пенен алып барылмақта.
Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайын реконструкциялаў жумыслары 13,4 млрд. сумға қаржыландырылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары толық жуўмақланды.

Сондай-ақ, Футбол академиясын капитал-оңлаў жумысларына да 4 385 млн. сум қаржы ажыратылды ҳәм бүгинги күнде, қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, мәмлекетлик акт тапсырылды.
Хабарыңыз бар, қаланың орайында жайласқан “Туран” стадионын рекострукциялаў жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларға жәми 107,8 млрд.сум қаржы қаратылып, быйылғы жылдың өзинде 19,0 млрд.сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслар нәтийжели алып барылып, стадион заманагөй көриниске енип, барлық шараятлар жаратылыўы күтилмекте.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен гимнастика спорт түрин раўажландырыў ҳәм жетик маман қәнигелерди жетилистириў мақсетинде 2022-жыл 23-декабрьдеги ПҚ-449-санлы айрықша қарары қабыл етилип, Қарақалпақстан Республикасында Гимнастика орайын ашыў нәзерде тутылды. Бул қурылыс жумысларына 70,7 млрд сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги күнде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2023-жыл 20-декабрь күнги қарарына тийкарланып Нөкис қаласы “Темир жол” МПЖ аймағындагы 27-санлы улыўма билим бериў мектеби аймағынан 1,0 гектар жер майданы ажратылып, қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул қурылыс жумыслары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық жақтан раўажландырыў ҳәм жасларымыздың спорт пенен шуғылланыўына айрықша итибары нәтийжесинде әмелге асырылмақта.
-Ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумысларда қандай нәтийжелерге ерисилмекте?
-Министрлик тәрепинен усы жылда түрли қатлам ўәкиллериниң қатнасыўында байрам сәнелерине бағышланған «Жаңа нәпес» ғалабалық жуўырыў жарыслары, мәҳәлле жаслары арасында бес басқышлы «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорт жарыслары, «Саламатлық ушын 5000 қәдем» жүриў ҳәм жуўырыў жарыслары, «Аўылың ушын жеңимпаз бол», «Биз нәшебентликке қарсымыз» сүренлери астында спорт түрлери бойынша жарыслар, 3 басқышлы «Студентлер лигасы», ҳаял-қызлар арасында «Спорт маликалары», ғалабалық спорт түрлери бойынша 3 басқышлы «Баслық кубоги» спорт жарыслары, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги хызметкерлер ортасында «Дослық спартакиадасы» сыяқлы ғалабалық спорт жарыслары режелестирилген. Бул бойынша жыл даўамында халық ўәкиллери арасында 8843 илаж өткерилип, оған 844 мың адам (360,4 мың ҳаял-қыз) қамтып алынды.



Бес баслама олимпиадасында 11 спорт түри бойынша жәми 370 мың жас қамтып алынып, өткерилген спорт жарысларында жәми 35 медаль қолға киргизилди (10 алтын,11 гүмис, 14 бронза). Соннан Пара бес баслама бойынша 9 медаль(5 алтын, 1 гүмис, 3 бронза), мәҳәлле жаслары 26 медаль (5 алтын, 10 гүмис, 11 бронза). “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде 2024-жыл даўамында республикамызда 11 (5 универсал, 1 стирт-воркоут, 5 воркоут) спорт майданшалары қурылды. Пара спорт түри бойынша 3 майданша, сондай-ақ, Қараөзек, Әмиўдәрья, Қоңырат районларында Президентимиздиң қарары тийкарында “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде өткерилген спорт жарысларында жеңимпаз болған мәҳәллелерде 15 млрд 100 млн сумлық 78 спорт майданшаларының қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
-Жаңа жылға режелер қандай ҳәм халқымызға байрам тилеклериңиз?
-Мине, және бир жыл изде қалып жаңа 2025-жылдың дәслепки күнлери басланбақта. Өткен жыл тараў ушын жаман жыл болмады. Спорт тараўында чемпионларды жетистирип шығарыўда салмақлы мийнетлери бар бир қатар тренер-оқытыўшылардың хызметлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланды. Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң тренер оқытыўшысы Нигора Палванова «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен спорт шебери» мәмлекетлик атағы менен сыйлықланыўы менен бирге жаңа жыл алдынан “Жыл ҳаялы-2024” миллий таңлаўының жоқары сыйлығы ийеси болды ҳәм Президент саўғасы автомобиль менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Тақыятас районы спорт мектебиниң шахмат түри бойынша тренери К. Туреев ҳәм Республика жеке гүрес спорт түри бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң аўыр атлетика бойынша тренери М. Аметовлар «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланды. Бул тренер-устазларымыздың мийнетлериниң ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланыўы оларды және де руўхландырмақта.


Спортшыларымыздың табыслары алдағы ўақытларда да даўам етип, халықаралық жарысларда қолға киргизер табысларымыз көп болып, елимиздиң байрағы дүнья ареналарында бәлентлерде желбирейди деп үмит етемиз. Жаңа жыл елимизге тынышлық, халқымызға аўызбиршилик, ҳәр бир шаңараққа қут- берекет алып келгей.
Сәўбетлескен: Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы