Өзбекстан ҳәм Қазақстан саўда айланысы 3,8 миллиард доллардан артты

292

Быйылғы жылдың он бир айының жуўмағына шекем, Қазақстан Өзбекстанның үш тийкарғы саўда бирге ислесиўшилеринен бири сыпатында атап өтилмекте.

Өзбекстан Республикасы Статистика агентлигиниң мағлыўматына бола, 2024-жыл январь-ноябрь айларында мәмлекетимиздиң сыртқы саўдасы көлеми 59,4 миллиард долларды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3,6 процентке өсти.

Бүгинги күнде Өзбекстан 195 мәмлекет пенен экономикалық байланысларды жолға қойғаны атап өтилди. Саўда айланысы бойынша Қытай (19 процент), Россия (18 процент), Қазақстан (6,5 процент), Түркия (4,4 процент) ҳәм Корея Республикасы (3 процент) жетекшилик етпекте.

Атап айтқанда, Қазақстанға 1,3 миллиард долларлық өним экспорт етилген, бул қоңсы мәмлекеттен импорт муғдары болса 2,5 миллиард долларға тең.

Қәнигелердиң пикиринше, бул қоңсы мәмлекет ири сыртқы экономикалық бирге ислесиўшилеримизден бирине айланыўы улыўма шегара бар екени менен байланыслы. Сондай-ақ, ҒМДА еркин саўда зонасы ҳәм өз-ара экономикалық мүнәсибетлер либералласыўы ҳәм усы бағдардағы унамлы өсиўди тәмийинлемекте.

Г.Сатторова, ӨзА