Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамщид Хўжаев басшылығындағы делегация АҚШқа барды.
Американың ири исбилермен топар ўәкиллери менен болып өткен дөгерек сәўбетинде Cove Capital LLC, City, Bridge Capital Group, Creative Associates, FL Smith, dōTERRA, Creative Associates, FL Smith, dōTERRA, CalCity Industrial Park LLC, Crown Iron Works, Edvard, Austin, Nobel- Systems, North Coast Communications, Komatsu, JP Morgan, Minnesota Soybean Association сыяқлы 40 тан аслам ири компания ҳәм корпорациялардың басшылары қатнасты.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан-Америка Саўда палатасы басшылығы, Ақ үй ҳәкимшилиги ҳәм АҚШ Саўда министрлигиниң экспертлери де қатнасты. Исбилермен топарлардың ўәкиллери Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы бойынша АҚШ пенен сөйлесиўлериниң табыслы жуўмақланғанын алғыслады ҳәм бул процесс мәмлекетимиздиң халықаралық экономикалық байланысларын және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Өз гезегинде, Америка компанияларының басшыларына Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларының раўажланыў динамикасы, мәмлекетимизде сырт ел инвесторлары ушын жаратылған кең имканиятлар, биргеликтеги жаңа жойбар басламалары усынылды.
Қатнасыўшылар Өзбекстандағы реформалардың нәтийжелерин, атап айтқанда, таў-кән санааты, мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникациялар, аўыл хожалығы, машина қурылысы ҳәм агросанаат комплекси сыяқлы тараўларда жаратылған имканиятларды жоқары баҳалады.
Илаж интерактив түрде өткерилди – ҳәр бир компания басшысы менен дөгерек сәўбетинде де, G2B форматтағы сөйлесиўлерде де бирге ислесиў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.
Дөгерек сәўбетиниң жуўмақлары бойынша тәреплер бирге ислесиўди беккемлеў бағдарында келеси жыл ушын ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўға келисип алды.
Б.Худойбердиев, ӨзА