Өзбекстан Экспортшылар аўқамы ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Өсимликлер  карантини ҳәм қорғаў агентлиги менен биргеликте Малайзияның Куала-Лумпур қаласында «Made in Uzbekistan» ярмаркасы шөлкемлестирилди.

15тен аслам ири өндирис кәрханалары қатнасқан бул көргизбе өткерип атырған исбилерменлер ҳәм пуқараларда унамлы тәсир оятты. Илаж даўамында мәмлекетимиз ушын пайдалы шәртнамаларға да қол қойылды.

Бундай  көргизбелерди шөлкемлестириўден мақсет, елимиздиң экспорт потенциалын арттырып,  миллий өнимлеримиздиң дүнья базарындағы орнын беккемлеў болып есапланады.

Атап айтқанда, қуяшлы елимизде жетистирилген мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерин жетистириўге қаратылған 21 кәрхананың қатнасыўында бул мәмлекеттиң Селангор штатындағы «Paradigm mall» саўда комплексинде де «Made in Uzbekistan» саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.

М.Пирматова, ӨзА