Ҳәзирги ўақытлары халқымыз жаңа жыл байрамын көтериңки кейпиятта күтип алыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте. Байрам алдынан Төрткүл районы Келтеминар елатында жасаўшы аўыл турғынларының қуўанышы өз алдына болмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги «2024-2026-жыларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, усы аймақта жайласқан 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебине қосымша 480 орынлық оқыў имаратының қурылысы толық питкерилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Оқыў дәргайының ашылыў мәресимине район ҳәкими Р.Шамуратов ҳәм аўыл нураныйлары қатнасып, аймақ турғынлары ҳәм мектеп жәмәәтин жаңа жыл байрамы ҳәм қосымша оқыў имаратына ийе болғаны менен қутлықлап, олардың алдағы ислерине табыслар тиледи.
Илажда район ҳәкими ҳәм аймақ жасыүлкенлери тәрепинен мектеп алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар оқыў дәргайында оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, улыўма сметалық баҳасы 5 миллиард 828 миллион сум болған бул мектептиң жаңа қосымша оқыў имаратында оқыўшылар ушын барлық қолайлылықлар жаратылып, онда оқыўшылар заман талабына сай билим алмақта.
Сондай-ақ, жаңа жыл босағасында усы районның «Яхтилик» мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң де 330 орынлық жаңа оқыў имараты да байрам саўғасы сыпатында пайдаланыўға тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы