Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.

— Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў системасын «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жаңа басқышқа көтериў, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлери қорғалыўының кепилликлерин күшейтиў, халықтың ҳуқық қорғаў  системасына болған исенимин беккемлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылмақта, – деди депутат Даврон Арипов. – Бул нызам жойбары менен жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында өз алдына судьялар- тергеў судьялары лаўазымын енгизиў ҳәм олар тәрепинен жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў нәзерде тутылмақта. Нызам жойбарының қабыл етилиўи шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиўге ҳәм жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде де шахс суд қорғаўы астында болатуғынын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Додалаўларда бир қатар сораўлар ортаға тасланды, жуўапкерлер халық ўәкиллериниң сораўларына жуўап берди. Сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

М.Комилова, ӨзА