Бүгин, 24-декабрь сәнесинде NASA космослық кемеси – Parker Solar Probe Қуяшқа ең жақын аралыққа барыўы күтилмекте. Зонд жулдыз атосферасына кирип, оның сыртынан 6 млн км қашықта ушып өтеди – еле инсан қолы менен жаратылған ҳеш бир дене Қуяшқа буншелли жақынласпаған.

Қәнигелердиң айтыўынша, алдынғы кемелерге қарағанда, Parker Solar Probe Қуяшқа жети есеге жақынырақ барады, зондтың тезлиги саатына 690 мың километрди қурайды.

Қурылма Целсий бойынша 1371 дәрежеге шекем ыссылыққа шыдам беретуғын қалқан менен қорғалған.

Parker Solar Probe Қуяш сырты ҳаққындағы мағлыўмат толайды, егер 27-декабрьде оның маяк сигналы Жерге жетип келсе, ол жумыс ислеп атырғаны ҳәм миссия даўам етип атырғанын аңлатады.

И. Утеулиев,

ҚМУ, журналистика қәнигелиги

3-б-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги