«Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 5 түрдеги мәмлекетлик хызметлерди проактив түрде ҳәм 6 түрдеги мәмлекетлик хызметлерди композит түрде көрсетиў жолға қойылмақта.

Онда:

Төмендеги мәмлекетлик хызметлерди проактив түрде көрсетиў жолға қойылмақта:

– электр энергиясын есапқа алыў үскенелерин дәўирлик салыстырыўдан өткериў;

– тәбийғый газди есапқа алыў үскенелерин дәўирлик салыстырыўдан өткериў;

– ишимлик суўын есапқа алыў үскенелерин дәўирлик салыстырыўдан өткериў;

– ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин дәўирлик салыстырыўдан өткериў;

– жеке меншик бәнтлик агентликлерин Жеке меншик бәнтлик агентликлердиң  реестрине киргизиў.

Проактив мәмлекетлик хызмети – физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларысыз ўәкилликли уйымлардың басламасы менен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер.

Сондай-ақ, төмендеги мәмлекетлик хызметлерди композит түрде көрсетиў жолға қойылмақта:

– көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм усы мәнзилге турақлы жасаў орны бойынша дизимге қойыў;

– көшпес мүлк ижара ямаса бийпул пайдаланыў шәртнамаларын мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойыў ҳәм усы мәнзилге ўақтынша турған орны бойынша дизимге қойыў;

– мәмлекетке тийисли имарат ямаса объектти бир жылдан аз болмаған мүддетке ижараға бериў ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў;

– «3-a7k!89n» электрон саўда платформасында көшпес мүлк объектлерин сатыў ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў;

– медициналық жумыс ушын лицензия менен бирге рентген үскенесинен пайдаланыў ушын руқсатнама алыў;

– қәўипли жүклерди тасыў ушын сыйымлардың жарамлылығы ҳаққында жуўмақ пенен бирге ядролық ҳәм радиоактив материаллары, радиация дереклери, радиоактив шығындылар ҳәм қурылмаларды тасыў шәртлери ҳәм усылларының санитариялық қағыйдаларға муўапық екенлиги ҳаққында жуўмақ алыў.

Композит мәмлекетлик хызмет – физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бир мүрәжаты тийкарында ўәкилликли уйымлар тәрепинен көрсетилетуғын еки ҳәм оннан артық мәмлекетлик хызметлер комплекси.

Буннан тысқары, төмендеги 2 түрдеги руқсат бериў өзгешелигине ийе мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў паспортлары тастыйықланды:

– арнаўлы киргизилетуғын биологиялық актив элементлер, жаңа химиялық элементлер, азық-аўқат қосымшалары, биологиялық қураллар ҳәм материаллар полимер ҳәм пластикалық массалар, парфюмерия-косметика өнимин (БАД) алып кириў ҳәм ислеп шығарыў ҳуқықын бериўши сертификат алыў.

Төмендеги 3 түрдеги жумыс түрлерин хабардар етиўди нәзерде тутыўшы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў паспортлары тастыйықланды:

– бажыхана брокери жумысы;

– халықаралық куръерлик жөнелтпелерди жеткерип бериў бойынша жумыс;

– мәмлекетлик емес архивлерди шөлкемлестириў бойынша жумыс.

Усы мүнәсибет пенен, белгиленген мәмлекетлик емес архивлер жумысын шөлкемлестириўге байланыслы тәртиплер бийкар етилди.

ӨзА