21-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының екинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың ўәкиллери, жергиликли кеңес депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылады.
Жалпы мәжилистиң үшинши жумыс күнинде сенаторлар тәрепинен дәслеп «Корпоратив қатнасықлардың ҳуқықый тийкарлары және де жетилистирилиӯи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, кейинги жылларда корпоратив қатнасықлардың шөлкемлестириӯ-ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириӯ, юридикалық тәреплердиӊ өз әҳмийетин жойытқан шөлкемлестириӯ-ҳуқықый түрлерин сапластырыӯ ҳәм корпоратив басқарыӯдың ескирген ямаса кем әҳмийетли яки өз әҳмийетин жойытқан шөлкемлестириӯ-ҳуқықый түрлерин бийкарлаў зәрүрлиги жүзеге келген.
Додаланған Нызам менен унитар кәрхана ҳәм қосымша жуӯапкершиликли жәмийет түрлерин сапластырыӯ, жуӯапкершилиги шекленген жәмийетлердиӊ шөлкемлестириў шәртнамасын мәмлекетлик дизимнен өткериӯ талабын бийкарлаў ҳәм корпоратив шәртнама, консорциум ҳәм консорциум шәртнамасы сыяқлы институтлардыӊ ҳуқықый статусын белгилеӯ нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, хожалық жәмийетлери бақлаӯ кеӊеслериниӊ акциялар, корпоратив облигациялар ҳәм басқа баҳалы қағазларды шығарыӯ ҳаққындағы қарарларын ҳуқықый ҳүжжетлерге муӯапық әҳмийетли факт сыпатында жәриялаў талабы киргизилмекте.
Баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыӯ бойынша ӯәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалы қағазлар шығарылыӯы мәмлекелик дизимнен өткерилгенлиги, сондай-ақ, баҳалы қағазлар базарында профессионалық жумысты әмелге асырыӯға байланыслы лицензия берилгенилигине байланыслы мәлимлемени жәриялаӯ белгиленбекте.
Сенаторлардыӊ пикиринше, бул Нызам хожалық жәмийетлериниӊ жумысын ҳәм оларды басқарыӯды әпиӯайылластырыӯ, корпоратив қатнасықларды жетилистириӯ, хожалық жәмийетлериниӊ акционерлери ҳәм қатнасыӯшыларыныӊ ҳуқықларын қорғаӯдыӊ және де исенимли қуралларын енгизиӯ, әмелиятта өз әҳмийетин жойытқан бир қатар тәртип-қағыйдалар ҳәм талапларды бийкар етиӯ арқалы корпоратив қатнасықлардағы бюрократияныӊ алдын алыӯға хызмет етеди.
Додалаӯ жуӯмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттыӊ гезектеги жалпы мәжилисинде «Сейсмикалық қәӯипсизликти тәмийинлеӯ системасыныӊ жетистирилиӯи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиӯ ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде қала қурылысы тараӯыныӊ жетилистириӯ ҳәм объектлердиӊ сейсмикалық қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ бойынша системалы илажлар көрилмекте.
Соӊғы 3 жылда 100 мыӊға шамалас объектлердиӊ қурылысы үстинен Қурылыс инспекциясы тәрепинен мәмлекетлик қадағалаӯ орнатылған.
Соған қарамастан, айырым қурыӯшылар тәрепинен белгиленген нормаларға әмел етпеӯ жағдайлары да артып бармақта. Соныӊ ишинде, 2022-жылы қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылықты бузыӯ менен байланыслы 6 мыӊнан аслам ҳуқықбузарлықлар анықланған болса, 2023-жылы бул сан дерлик 8 мыӊды қураған. 2024-жылдыӊ тек ғана 11 айында болса бул көрсеткиш дерлик 9 мыӊды қураған.
Анықланған сапасыз қурылыс-монтажлаў жумыслары бойынша 4 мыӊнан аслам объектте қурылыс жумыслары тоқтап, үш жыл ишинде 1,5 мыӊға шамалас буздырыӯ жумыслары әмелге асырылған.
Буннан тысқары, исбилерменлер тәрепинен нызамсыз қурылысты әмелге асырыӯ жағдайлары да көбейип бармақта. Атап айтқанда, 2022-2024-жылдыӊ өткен дәӯиринде 13 мыӊнан аслам объектте мәмлекетлик дизимнен өткерместен қурылыс жумыслары баслап жиберилген.
Усындай кемшиликлерге түрли шөлкемлестириӯшилик ҳәм ҳуқықый бослықлар бар екенлиги де себеп болмақта.
Атап айтқанда, руқсатсыз қурылысты әмелге асырыӯ, бас режеге, объектлерди пайдаланыӯға қабыл етиӯ қағыйдаларына әмел етпеӯ ҳәм көп квартиралы турақ жайларды өзбасымшалық пенен жайлардың астын ҳәм биринши қабатты бузыӯ ямаса реконструкциялағаны ушын белгиленген ҳәкимшилик жәриймалар тәсиршеңлигиниӊ төменлигин мысал сыпатында келтирип өтиӯ мүмкин.
Ҳәттеки нызамшылықта жойбарлаӯшы тәрепинен берилетуғын көрсетпелерди орынламағаны ушын жуӯапкершилик белгиленбеген.
Бул болса Қурылыс инспекциясы ҳәм жойбарлаӯшылардыӊ көрсетпелери буйыртпашы тәрепинен орынланбаўына себеп болмақта.
Көп квартиралы турақ жайлардың асты ҳәм биринши қабатының таяныш бөлегин өзбасымшалық пенен бузыў ямаса реконструкциялап, турақсыз объектке айландырыў жағдайлары артып бармақта.
Соңғы жылларда сырт мәмлекетлерде, атап айтқанда, Түркия, Марокко ҳәм Сирияда жүз берген күшли жер силкиниўлер ақыбетинде жүзеге келген түрли шығынлар мәмлекетимизде сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, имарат ҳәм комплекслердиң жер силкиниўге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған бир қатар мәнзилли илажларды әмелге асырыўды талап етпекте.
Әсиресе, халық ҳәм аймақларды сейсмикалық қәўиптен қорғаў бағдарында анық мақсетке бағдарланған бағдарламаларды ҳәм илимий изертлеўлерди турақлы әмелге асырып барыў үлкен әҳмийетке ийе.
Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят- процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслери ҳәм Өзбекстан Республикасының «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамына қурылыслардың сапасын арттырыў, имаратлар ҳәм комплекслердиң нызамға қайшы түрде қурылыўын алдын алыў ҳәм қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылық талапларына қатаң әмел етиўин тәмийинлеўге байланыслы өзгерислер киргизилмекте.
Соның ишинде, Жынаят кодексиниң 2293-статьясына қурылысы тамамланған имаратлар ҳәм комплекслерден пайдаланыўға байланыслы руқсатнама бериў ҳәм оларды пайдаланыўға қабыл етип алыў қағыйдаларын бузғаны, объектлерди қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекцияларының руқсатнамасыз қурғаны ушын, көп квартиралы турақ жайлардағы таяныш констркуцияларды нызамшылық ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди бузған ҳалда өзгерткени ҳәм (ямаса) реконструкциялағаны ушын усындай ҳәрекетлерге ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин жүз берилген болса жынайый жуўапкершилик жүзеге келиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўы адам өлими яки басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, бул ушын айрықша жынайый жуўапкершилик белгилениўи нәзерде тутылмақта.
Көп квартиралы жайлардағы таяныш конструкцияларды нызамшылықты ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы ҳүжжетлерди бузған ҳалда өзгертиў ҳәм (яки) реконструкциялаў менен байланыслы жынаятты биринши рет ислеген ҳәм әмелге асырылған өзгерис яки бузылыўларды, сондай-ақ, олардың ақыбетлерин ықтыярлы түрде сапластырған шахс жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, қала қурылысына байланыслы нызамшылық талапарын бузғанлығы ушын белгиленген жәрийма түрлери күшейтилмекте.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен бирге, гезектеги жалпы мәжилисте “Адам саўдасы жынаяты ушын жаза түрлери күшейтилип атырғанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында”ғы нызам да ҳәммениң дыққат орайында болды.
Пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, адам саўдасына қарсы гүресиў, оннан жәбирленген шахсларды ҳәр тәреплеме қорғаў бойынша системалы жумыслар алып барылып атырғанлығы атап өтилди.
Нәтийжеде адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы жумыслар системаластырылып, усы жынаяттан жәбирленгенлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сырт елдеги Өзбекстан Республикасы пуқараларын ҳуқықый қорғаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.
Урлық ислеў, зорлық ислеў, зорлық пенен қорқытыў мәжбүрлеўдиң басқа түрлерин қолланыў арқалы адам саўдасы жынаятын ислегени ушын жаза түрлери күшейтилип атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Буннан тысқары, додалаў даўамында нызам менен адам саўдасы жынаятын ҳәмиледар ҳаялға ислеген шахсларға аўыр жаза түрлерин белгилеўши өзгерислерди киргизиў усыныс етилип атырғанлығы атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен усы нызамның турмыста қолланылыўы адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардың алдын алыўға, оларға қарсы нәтийжели гүресиўге, усындай қылмыслар ушын пропорционал жаза түрлери белгилениўине, қалаберди, балалар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың екинши жалпы мәжилисинде “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерис киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.
Нызам қамсызландырыў хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған.
Әмелдеги нызамшылықта қамсызландырыў жумысын тәртипке салыў ҳәм қадағалаў уйымы судларда көрилетуғын мәжбүрий қамсызландырыў операциялары менен байланыслы жумыслар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген.
Бирақ бул жеңилликлер тутыныўшылар ушын яғный қамсызландырыўшылар (қамсызландырылған шахслар, пайда алыўшылар, жәбирлениўшилер) ушын белгиленбегенлиги олардың қамсызландырыў жумысына болған исеними төменлеп кетиўине алып келмекте.
Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң Қамсызландырыў базарын раўажландырыў департаментине тек ғана 2023-жылы мәжбүрий қамсызландырыў түрлери бойынша қамсызландырыў компанияларының ҳәрекетлеринен наразы болып, дерлик 2 мың мүрәжат келип түскен.
Бул мүрәжатлердиң 1 600 ден асламы транспорт қураллары ийелери тәрепинен жазылған. Мүрәжатта пуқаралар транспорт қураллары мәжбүрий қамсызландырылған болса да, қамсызландырыў пуллары төлеп берилмей атырғанлығынан наразылық билдирген.
Пуқаралар тәрепинен киргизилген даўа арзалары судлар тәрепинен қанаатландырылмаса, олар өз есабынан мәмлекетлик бажыны төлемекте.
Нәтийжеде бул пуқара қаржылай аўыр жағдайға түсиўин ойлап, көпшилик жағдайларда судларға даўа арзасын киргизбей келмекте.
Додаланған нызам менен пуқаралық ҳәм экономикалық судларда қамсызландырыўшылар (қамсызландырылған шахслар, пайда алыўшыар жәбирлениўшилер)- мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын даўалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўи белгилеп қойылмақта.
Буннан тысқары, нызам менен ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер дүзилгенлиги яки сапластырылғанлығы, олардың шегаралары яки бойсыныўы өзгергенлиги нәтийжесинде исбилерменлик субъектлериниң ҳәм басқа юридикалық тәреплердиң жайласқан жери (почта мәнзили) өзгергенде оларды қайта мәмлекетлик дизимнен өткергенлиги ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейтуғынлығы ҳаққында норма да белгилеп қойылмақта.
Бул нызамның қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлериниң ҳәм басқа юридикалық тәреплердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый илажларын күшейтиўге , олардың жумысына артықша қәрежетлердиң алдын алыўға, сондай-ақ, қамсызландырыў хызметлери тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.
Бир қатар нызамлардың өз әҳмийетин жоғалтқан ҳәм ескирген айырым нормалары қайта көрип шығылмақта, сондай-ақ, айырым нормаларды әмелге асырыў механизмлери белгиленбекте.
Атап айтқанда, “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы нызамда товар (жумыс хызмет) ҳаққындағы мағлыўматларда нормативлик ҳүжжетлерге муўапық ислеп шығарыў сәнеси көрсетилиўи керек болған товардың ислеп шығарылған сәнеси көрсетилиўи шәрт екенлиги белгиленбекте.
“Баҳалаў жумысы ҳаққында”ғы нызамда баҳалаў шөлкемлеринен устав фондына болған талап шығарып тасланбақта.
“Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында”ғы нызам менен физикалық тәреплер ушын инвестиция буйыртпа хатында шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң көширме нусқасы қосымша етилиўи миннетлемеси бийкарланбақта.
“Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында”ғы нызамға майыплығы болған шахсларда медициналық-социаллық экспертиза өткериў менен байланыслы процесслерде олардың ҳуқықларын беккемлеўге қаратылған өзгерислер киргизилмекте.
Соның менен бирге, “Мәмлекет мүлкин меншиклестириў ҳаққында”ғы нызамға қосымша киргизилип атырған болып, оған бола киши санаат зоналары, жаслар санаат зоналары ҳәм исбилерменлик зоналары аймағында жайласқан мәмлекеттиң көшпес мүлк объектлерин меншиклестириў Өзбекстан Республикасының айрықша нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.
Сенаторлардың пикиринше, усы нызам ҳүжжетлериндеги артықша басқарыў тәртип-қағыйдалары ҳәм гөнерген тәртипке салыў механизмлери шешилиўине, олардағы нормалардың әмелдеги нызамшылыққа муўапықластырылыўына хызмет етеди.
Додалаўдан кейин нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан тысқары, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да қызғын додаланды.
Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўде хызметлер көрсетиў тараўына жеке меншик секторды тартыў, бул бойынша исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, карантин астындағы өнимди Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығыўда қосымша қолайлыклар жаратыў, өнимниң фумигациясы (зыянсызландырылыўы) бойынша тәртип-қағыйдаларды және де әпиўайыластырыў, бул жумысты әмелге асырыўда жеке меншик сектордың қатнасыўын кеңейтиў зәрүрлиги пайда болмақта.
Додаланған нызам менен Министрлер Кабинети ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң өсимликлер карантини тараўындағы ўәкилликлери кеңейтилмекте.
Атап айтқанда, экспорт етилетуғын карантин астындағы өнимлердиң фумигациясы жумысын лицензиялаў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен белгилениўи нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасынан алып шығылатуғын карантин астындағы өнимниң фумигациясы бойынша жумысты әмелге асырыў ушын лицензия бериў Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ўәкиллигине киргизилмекте.
Нызамда минерал төгинлер ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық затлардың көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша жумысты ҳәм Өзбекстан Республикасынан алып шығылатуғын карантин астындағы өнимниң фумигациясы бойынша жумысты лицензиялағаны ушын мәмлекетлик бажы муғдары белгиленбекте.
Нызамның қабылланыўы экспорт етилетуғын карантин астындағы өнимлерди зыянсызластырыў (фумигация) илажларын жеке меншик секторға өткериў арқалы усы жумыстың нәтийжелилигин арттырады.
Соның менен бирге, экспорт етилетуғын карантин астындағы өнимлерди зыянсызластырыў (фумигация) жумысында бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм жеке меншик сектор талабына сәйкес хызмет көрсетиў имканиятларын жаратады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың екинши жалпы мәжлисинде “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўда айырым түрдеги жабайы ҳайўанларды физикалық шахслар тәрепинен сақлаўға тийисли тыйым белгиленген.
Соның менен бирге, физикалық шахслар тәрепинен ярым еркин шараятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында яки тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың дизими тастыйықланған.
Бул дизимге киргизилген жабайы ҳайўанларды пуқаралар тәрепинен нызамсыз сақлап келиниўи ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде жуўапкершилик белгиленбегени нәтийжесинде жабайы ҳайўанларды сақлаўға байланыслы қағыйдаларды қопал тәризде бузыў жағдайлары ушырасып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, 2022–2024-жыллары пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығы ушын жаман қәўип салыўшы 6 жағдай анықланған.
Бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ярым еркин шараятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында яки тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанларды физикалық шахслар тәрепинен сақлағаны ҳәм адамлардың денсаўлығына, юридик ҳәм физикалық шахслардың мүлкине зыян жеткергени ушын жуўапкершилик белгилеўди, сондай-ақ, ҳайўанларды сақлаў қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, Кодекс жаңа 921-статья менен толықтырылмақта. Оған бола, ярым еркин шараятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында яки тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың физикалық шахслар тәрепинен сақланғаны ушын әне сол ҳайўанларды конфисковат етип, пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыныўы белгиленбекте.
Тап сондай нызамбузыўшылық адамлардың денсаўлығына, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң мүлкине зыян жетиўине алып келсе, бундай жағдайда жынаят белгилери болмаса, әне сол ҳайўанларды конфисковат етип, пуқараларға базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыныўына себеп болады.
Буннан тысқары, қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлерде ҳайўанларды сақлаў қағыйдаларын бузыў, сондай-ақ, жуўапкер шахслар тәрепинен ийесиз ҳайўанларды услатып ҳәм сақлаў илажларын көрмегени ушын пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем, жуўапкер шахсларға болса бес есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыў нәзерде тутылмақта.
Егер усындай нызамбузыўшылық адамлардың денсаўлығына, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң мүлкине зыян жетиўине алып келсе, егер жынаят белгилери болмаса, пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекем, жуўапкер шахсларға болса он бес есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма салыныўы белгиленбекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың нызамға қайшы түрде сақланыўының алдын алыўға, үй ҳайўанларын сақлаў тәртибинде нәзерде тутылған талапларға әмел етилиўине ҳәм халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Жалпы мәжлисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 14 мәселе, соның ишинде, 13 нызам көрип шығылды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети