Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинен алынған мағлыўматларға бола, Россия Федерациясы Президентиниң Сырт еллер менен регионаллық ҳәм мәдений байланыслар басқармасы, Илим ҳәм билимлендириў министрлиги ўәкиллеринен ибарат делегация елимизде болды.

Еки мәмлекет қәнигелери арасындағы сәўбетлесиў жоқары билимлендириў мәкемелери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў мәселесине бағышланды.

Ушырасыўда соңғы еки жыл даўамында мәмлекетлер арасында өз-ара исенимли ҳәм пайдалы бирге ислесиўдиң раўажланып атырғаны, сиясий, саўда-экономикалық тараўлар менен бирге мәдений-гуманитарлық ҳәм илимий-техникалық тараўларда да байланыслардың кеңейип баратырғаны тән алынды.

Өзбекстан ҳәм Россия арасында қәнигели кадрларды таярлаў жолындағы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, заманагөй бағдарларда ҳәм қәнигеликлерде бакалавр, магистрлар таярлаў, илимий-изертлеў тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиў перспективалары додаланды.

ӨзА