Халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиниң депутаты Орынбай Кәримовтың райондағы 10-сайлаў округи аймағында жайласқан “Дослық” мәкан пуқаралар жыйынында сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
Илажда халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, пуқараларды толық суйылттырылған газ баллонлары, электр энергиясы, таза ишимлик суўы ҳәм ақаба суў менен тәмийинлеў бойынша бир қатар пикирлер билдирилип, бул мәселелер жуўапкерлер менен биргеликте шешилетуғыны айтылды.
Халық ўәкиллери депутатқа өзлерин қыйнап киятырған ҳәр түрли мәселелер, оларды шешиўде жәрдемлесиў бойынша мүрәжат етти. Мүрәжатлерден келип шығып, депутат өз үйинде исбилерменлик жумысын басламақшы болған пуқараларға жәрдем берди. Сондай-ақ, шешимлери ўақыт ҳәм үйрениўди талап ететуғын мүрәжатлардиң орынланыўы қадағалаўға алынып, тийисли уйымларға сораўнамалар жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги