«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети мәлимлеме хызметиниң басшысы Фахриддин Нуралиевтиң мәлим етиўинше, ендигиден былай электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлық протоколлары электрон түрде рәсмийлестириледи.
Оған бола, бул тәртип Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-февральдағы «Жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық енгизилген «E-dalolatnoma» системасы шеңберинде әмелге асырылады.
Ф.Нуралиевтиң атап өткениндей, бул система 2025-жылдың 1-январынан иске қосылады. «E-dalolatnoma» системасы тутыныўшылар тәрепинен исленген ҳуқықбузарлықларды тек ғана электрон түрде рәсмийлестириў имканиятын жаратады.
Бул болса энергетика системасындағы коррупциялық жағдайларды жоқ етиў, протоколларды оператив қәлиплестириў ҳәм қағаз ҳүжжетлер айланысын қысқартыў имканиятын береди. Сондай-ақ, қадағалаў процесслери және де нәтийжели шөлкемлестирилиўине тийкар жаратады. Системаның енгизилиўи тутыныўшылар ҳәм қадағалаў уйымлары арасындағы қатнасықларды анықластырыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Бул жаңаша тәртип электр энергиясы тараўында нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыўда айрықша әҳмийетке ийе. «E-dalolatnoma» системасы ҳүжжетлердиң электрон түрде рәсмийлестириў процесслерин тезлестиреди, тутыныўшылар ушын да қолайлық жаратады.
Соның менен бирге, система қадағалаў механизмлерин беккемлеп, энергетика тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеўде үлкен қәдем болады.
Насиба Зиёдуллаева,
ӨзА