Таиланд 2025-жылдың 1-январынан баслап мәмлекетке кириў ушын электрон виза системасына (e-visa) өтеди.
– Бул виза системасы Таиландтың барлық 94 елшиханасы ҳәм бас консуллықларында ислейди, деди мәмлекеттиң сыртқы ислер министри Марит Сангемпҳонг баспасөз әнжуманында. – Бул визаны алыўға байланыслы барлық ҳәрекетлер, соның ишинде, ҳүжжетлерди толтырыў күнниң қәлеген ўақтында ҳәм дүньяның қәлеген жеринде онлайн түрде әмелге асырылатуғынын аңлатады.
Сондай-ақ, министр виза смартфон, планшет ямаса компьютерге жүклеп алынатуғын ҳәм үлкеге кириўде паспорт қадағалаўы ўақтында көрсетилиўи керек болған сүўрет файлы көринисинде болатуғынын айтқан.
– Оның ушын веб-сайтқа кирип, керекли ҳүжжетлердиң сканерин қосымша еткен ҳалда анкетаны толтырыўыңыз ҳәм тапсырыўыңыз керек болады, – деген ол.
Таиланд СИМ баслығының атап өтиўинше, система алдынғы мәлимлеме технологиялары тийкарында көрилген болып, ол жеделлик пенен рәсмийлестирилиўи ҳәм визалар берилиўин, сондай-ақ, қәўипсизлик ҳәм зәрүр эммиграциялық қадағалаўды тәмийинлейди.
-Электрон визаға өтиў Таиландқа келип атырған сырт ел пуқаралары санының турақлы артыўына алып келетуғынына гүман жоқ, – деп жуўмақлады ол.
С.Раҳимов, ӨзА