Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша быйылғы жылдың жуўмақлары ҳәм 2025-жылға тийкарғы режелер бойынша видеоселектор мәжилиси ҳәм жетекши исбилерменлер менен сөйлесиў даўам етпекте.

Соңғы жылларда экономикамызда пул көбейгени, инвестиция жойбарларын турақлы қаржыландырыўдың беккем тийкары жаратылғаны атап өтилди.

Соның ишинде, кәрханалардың банклердеги қаржылары 20 триллион сумға артып, 107 триллион сумға жетти. Халықтың аманатлары да 25 триллион сумға көбейип, 105 триллион сум болды.

Бул банклеримиз турақлы раўажланып атырғаны, оларға халық ҳәм исбилерменлеримиздиң исеними артып атырғанының дәлили екени атап өтилди.

Жылдың жуўмағы менен ажыратылған улыўма кредитлер 275 триллион сумды қурайды. 2025-жылы бул 300 триллион сумнан артатуғыны есап-санақ етилген.

Әсиресе, киши бизнеске берилетуғын кредитлердиң үлеси ҳәзирги 28 проценттен  40 процентке арттырылып, 120 триллион сумға жеткериледи.

Исбилерменлердиң талабынан келип  шығып  банклеримиз 2025-жылда шеттен  мәмлекетлик кепилликсиз 6 миллиард доллар тартатуғыны режелестирилген.

ӨзА