Абат Файзуллаев Өзбекстанныӊ Кипрдеги елшиси етип тайынланды, деп хабар бермекте «Дунё» МА.
Мәлим етилиўинше, елши Кипр Президенти Никос Христодулидиске исеним жарлықларын тапсырған.
Кипр Президенти сырт елли дипломатлардан исеним жарлықларын қабыллаў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде жаӊа елшилерди қызғын қутлықлап, оларға өз ўазыйпаларын әмелге асырыўда табыслар тилеген. Сондай-ақ, ол Өзбекстан менен қатнасықлар перспективаларына да айрықша тоқтап өткен.
«Өзбекстан менен еки тәреплеме , сондай-ақ, Европа Аўқамы шеӊбериндеги бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз», деди Кипр жетекшиси.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан ҳәм Кипр арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 1997-жылдыӊ 30-майында орнатылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги