Дуйшонкул Чотонов Қырғызстанныӊ Өзбекстандағы жаӊа елшиси етип тайынланды.
Мәмлекет президенти Садир Жапаров Чотоновты Қырғызстанныӊ Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынлады. Чотонов алдын Корея ҳәм Вьетнамда да елши болған.
Чотонов 1967-жылдыӊ 2-октябрь күни Ошта туўылған. Ол алдын Қырғызстанныӊ Корея Республикасы (2011-2015) ҳәм Вьетнам (еки жумысты бирге алып барыў тийкарында, 2012-2015) ныӊ айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси болған.
Ол «Ата Мекен» партиясынан Жогорку Кенеш Нызамшылық ассамблеясы депутаты болған. 2010-жылы ўақытша ҳүкиметте айрықша жағдайлар министриниӊ ўазыйпасын атқарған. Қырғызстанныӊ Өзбекстандағы елшиси сыпатында алдын Муса Жаманбаев жумыс ислеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги