Тахтакөпир районында гүзги-қысқы мәўсимде айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша район аймағында шөлкемлестирилген арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте азанғы үйрениў илажы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими баслығы, республикалық жумысшы топар ағзасы Батыр Матмуратов сөзге шығып, гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў, көп қабатлы турақ жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў менен бирге, пуқаралардың зәҳәрли газден зыянланыўының алдын алыў мәселелери бойынша зәрүрли көрсетпелер берип өтти.
Илаж даўамында жумысшы топар ағзалары районның басқа аймақларында болып, бул елатлардың турғынлары арасында да гүзги-қысқы мәўсимде жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барды.
– Тахтакөпир районы аймағында айрықша жағдайлар бөлими ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен социаллық объектлер, көп қабатлы үйлер, жеке турақ жайлардың ысытыў печьлериниң морылары тазаланып, жылытыў системалары көзден өткерилмекте ҳәм өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары жүргизилмекте,-дейди оператив бөлимше баслығы Раматулла Өтегенов.-Усындай профилактикалық жумыслардың алып барылыўына қарамастан, айырым пуқаралардың бийпәрўалығы ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушыраспақта. Бизлер бул пуқаралардан өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўин сорап қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы