Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми алдынғы билдириўинде дүньяда қус гриппи вирусы тез мутацияға ушырап, оның тек ғана қанатлы жәниўарлар емес, ал адамларға да жуғыў қәўипи де жоқары екени ҳаққында ескерткен еди.

Шөлкемниң күни кеше жәрияланған жаңа есабатында атап өтилиўинше, быйылғы жылдың өткен дәўиринде H5N1 вирусын жуқтырыў менен байланыслы 76 усындай жағдай анықланған.

Наўқаслардың көпшилиги аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери болса, 61 и АҚШта жасайтуғын пуқаралар болып табылады. Сондай-ақ, бундай жағдайлар Австралия, Канада, Қытай, Камбоджа ҳәм Вьетнамда да дизимге алынған.

H5N1 вирусы ҳәзирги шекем адамнан адамға жуғыў ушын бейимлеспеген ҳәм изертлеўлер даўамында усы сыяқлы жағдайлар анықланбаған.

«Бирақ вирус мутацияға ушыраўда даўам етер екен, жағдай тез өзгериўи мүмкин ҳәм буз бундай «сценарий»ге бәрқулла таяр болыўымыз керек», дейди – ЖДСШның жуўапкер ўәкили Мария Ван Керхове.

Усы себептен Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми мәмлекетлерди кеселлик үстинен қадағалаўды күшейтиў ҳәм анықланған жағдайлар бойынша имканияты барынша тезирек хабар бериўге шақырды.

Өз гезегинде, эпидемиологлардың атап өтиўинше, адамлар инфекциядан зыянланған ҳәм қайтыс болған ҳайўанларға жақынласпаўы керек.

ӨзА