Инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыў барысын тийисли тараў басшылары, жуўапкерлери тәрепинен орынларға шыққан ҳалда үйрениў, бақлаў, әмелий жәрдем көрсетиў бойынша жумыслар даўам етип, бул өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары Н.Назарбаев Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте районда жумыс ислеп турған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер тәрепинен шөлкемлестирилип атырған май ҳәм ун ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты.
“Нөкис Дилиша” ЖШЖ тәрепинен баҳасы 7,5 млрд. сумлық ун ислеп шығарыў заводын шөлкемлестириў жойбарының иске түсирилиўи менен 31 жаңа жумыс орны жаратылатуғынын атап өтиў керек. Кәрхана жылына 2000 тонна ун өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады.
Үйрениў барысында райондағы «Әмиўдәрьятекс» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилип атырған май ислеп шығарыў жойбары да барып көрилип, машқалалары үйренилди.
Ушырасыўларда жуўапкерлер тәрепинен жойбарлардың өз мүддетинде иске түсирилиўинде орын алған машқалаларды сапластырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги