Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза медиа тараўы ўәкиллериниң жумысшы топары мәжилиси өткерилмекте

Ташкентте Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң мәлимлеме тараўы министрлери ҳәм жоқары дәреклери жуўапкер шахсларының 6-мәжилиси, Медиа ҳәм мәлимлеме бойынша жумысшы топардың 11-мәжилиси ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми медиа форумы болып өтпекте.
Илажда “International Hotel Tashkent”те Медиа ҳәм мәлимлеме бойынша жумысшы топардың 11-мәжилиси менен басланды, деп хабар етпекте МҒКА мәлимлеме хызмети.
Мәжилисте Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директорының биринши орынбасары Дилшод Саиджонов мәлимлеме тараўындағы халықаралық бирге ислесиў мәселелери ҳаққында сөз етти.
Жумысшы топар мәжилисинде ТМШға ағза мәмлекетлердиң мәлимлеме тараўы ўәкиллери ҳәм жоқары мәртебели жуўапкер шахслардың 6-мәжилисиниң Ташкент билдириўиниӊ жойбары көрип шығылды.
Сондай-ақ, мәжилис қатнасыўшылары «2024-2025-жылларға мөлшерленген Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң мәлимлеме тараўындағы ҳәрекетлер режеси»н ислеп шығыў бойынша усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.
Сондай-ақ, Түркия делерадиоеситтириўди тәртипке салыўшы уйымлар форумын шөлкемлестириў бағдарындағы усыныс додаланды.
Мәжилисте «Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер трансляция ҳаққында»ғы келисимге қол қойыў мәселеси көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында Медиа ҳәм мәлимлеме тараўы министрлери ҳәм жоқары мәртебели лаўазымлы шахслардың 7-мәжилиси ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми Медиа ҳәм мәлимлеме бойынша жумысшы топарының 12-мәжилисин өткериў орны ҳәм сәнесин белгилеў бойынша пикирлер билдирилди.
ӨзА