Қубла Корея менен сынаў лабораториясын шөлкемлестириў бойынша ҳүжжетке қол қойылды

Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дереклери үскенелери сапасын баҳалаў сынаў лабораториясын шөлкемлестириў бойынша дәслепки ҳүжжетке қол қойылды. Бул келисим Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги директоры Акмал Жуманазаров, Корея Саўда, инвестициялар, санаат ҳәм энергетика министрлиги, Корея алдынғы технологиялар институты ҳәм Корея муўапықлық лабораториялары ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўда дүзилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған Корея жойбарларының бүгинги жағдайы ҳәм бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективалары көрип шығылды, делинеди Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги мағлыўматында.
Буннан тысқары, Корея экспертлери тәрепинен энергия сиясатының глобал тенденциялары, Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дереклериниң ҳәзирги жағдайы ҳәм энергия қурылмаларының сапасын қадағалаў орайын шөлкемлестириў бойынша семинар-тренинг болып өтти.
ӨзА