Жаңаланған Конституция менен Сенатқа нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Нызамшылық палатасына киргизиў ўәкиллиги берилди.

Сенатқа келип түскен мүрәжатлер, оларда көтерилип атырған машқалалар, аймақлардағы үйрениўлердиң нәтийжеси адвокатураның жумысына мәлимлеме-коммуникация  технологияларын енгизиў арқалы физикалық тәреплерге юридикалық жәрдем көрсетиўди жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлиги бар екенлигин көрсеткен.

Сонлықтан,  Сенат тәрепинен бул мәкемелердиң шешимине қаратылған  нызам жойбары ислеп шығылды. «Жынаят исин жүргизиў ўақтында қамақта сақлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 22-статьясына қосымшалар менен өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарында гүман етилиўши, айыпланыўшылардың юридикалық жәрдем алыўға болған ҳуқықларын және де тәмийинлеў мақсетинде өзине қамаққа алыў түриндеги сақлық шарасы қолланылған гүман етилиўши, айыпланыўшыға өз арзасы менен видеоконферецбайланыс системасы арқалы қорғаўшы менен сөйлесиў ҳуқықы берилетуғыны нәзерде тутылған.

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң экспертлери  топарында додаланған нызам жойбары гүман етилиўши, айыпланыўшылардың ҳуқықларының тәмийинлениўине, қорғаўшылардың иси жеңиллесиўине  ҳәм аралықтан ислеў имканияты жаратылыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында алдынғы сырт ел тәжирийбесин терең таллаў зәрүр екенлиги, билдирилген пикирлер ҳәм усыныслар тийкарында нызам жойбарын және де дийдиленген мақсетине жеткериў ҳәм нызам жойбарын белгиленген тәртипте министрликлер ҳәм уйымлар менен келисиў зәрүр екенлиги, ең тийкарғысы, жәмийетшилик додалаўынан өткерилиўи келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА