Бүгин Ферғана ўәлаяты ИИМ бул ҳаққында рәсмий мәлимлеме тарқатты. Онда атап өтилиўинше, быйылғы жылдыӊ 17-декабрь күни саат 13:45лерде Ферғана қаласы, Янгийўл мәҳәллесиндеги “Petrolium” пропан газ қуйыў шақапшасында 5м.куб сыйымлы контейнерге газ қуйыў процесинде жарық келип шығып, газ элементи сыртқа сызылып шығыўы ақыбетинде жарылыў ҳәм өрт пайда болған.

Кеше мәлим еткен мәлимлемеде 1 пуқара ўақыя орнында қайтыс болғаны, усы аймақта болған  бир неше пуқаралар түрли дәрежеде дене жарақатын алып, емлеўханаға жатқарылғаны ҳаққында хабар берилген еди. Ўәлаят ИИМ рәсмий мәлимлемесинде айтылыўынша, көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан олардан үшеўи емлеўханада қайтыс болған.

Бул жағдай бойынша Ферғана ўәлаяты ИИМ тәрепинен Жынаят кодексиниӊ 257-статьясы 3-бөлими «а» бәнти ҳәм 259-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Ҳәзирги күнде жынаят иси шеӊберинде 5 шахс процессуал тәртипте қамаққа алынған ҳәм тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Халық социаллық тармақларда автомобильлерге метан ҳәм пропан қуйыў шақапшаларын қала шетлерине көшириў нормативлик ҳүжжетлер талабы қатарына киргизилиўин сорамақта. Бул мәселени болса Министрлер Кабинети яки мәмлекетлик парламенти көрип шығыўын талап етеди.

Муҳаммаджон Обидов, ӨзАныӊ хабаршысы