2024-жылдыӊ октябрь айы ақырында Конго Демократиялық Республикасында нәмәлим кеселлик тарқалып, көплеген наўқаслардыӊ өлимине себеп болған еди. Итибарлы тәрепи, наўқаслардыӊ көпшилиги 15 жастан өткен жас өспиримлер еди.

USA Today Конго ДР денсаўлықьты сақлаў министрлигине тийкарланып жазыўынша, Кванго (Конго) провинциясындағы Панзи медицина-санитария зонасында анықланған нәмәлим кеселлик безгектиӊ аўыр түри болып шықты. Ол респиратор (дем алыў жоллары арқалы жүриўши) кеселлик.

 «Конго ДР ҳүкимети рәсмий мағлыўматына бола, кеселленгенлердиӊ саны жәми 593, олардан 36 сы қайтыс болған. Өз гезегинде, алдынырақ Конго провинциясы ҳәкимшилиги 143 адам өлгенин мәлим еткен еди», — дейиледи хабарда.

Безгек – еӊ кеӊ тарқалған жуқпалы кеселликлерден бири. ЖДСШ мағлыўматына бола, ҳәр жылы дүньяда 620 мыӊ  адам, тийкарынан балалар безгек кеселлигинен қайтыс болады. Өлим ҳалатларыныӊ 93 проценти Африка мәмлекетлерине туўра келеди, деп мәлимлеме  береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги