Саудия Арабстанында  IT Park Uzbekistan ўәкилханасы ашылды

300

Саудия Арабстаны Ар-Рияд қаласында IT Park Uzbekistan ўәкилханасының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти. Бул Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында мәлимлеме технологиялары тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириўде әҳмийетли басқыш болды.

Ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министри Шерзад Шерматов шығып сөйледи.

-Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны инновациялық экосистемалары арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар жедел пәт пенен раўажланып бармақта. Бул региондағы шериклердиң мәмлекетимиздиң жедел раўажланып атырған технологиялық секторына болған қызығыўшылығын билдиреди,-деди Шерзат Шерматов.

Министрдиң атап өткениндей, бундай басламалар экономикалық бирге ислесиўди беккемлейди. Жаңа жумыс орынларын жаратыўға жәрдемлеседи, жергиликли қәнигелердиң кәсиплик  раўажланыўы ушын имканиятлар ашады.

Илаж шеңберинде мийманлар Өзбекстан IT секторын ҳәм бизнес орталығын қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарламалары, соның ишинде, раўажланып атырған стартап экосистемасы ҳәм оларды раўажландырыў ушын жаратылып атырған шараятлр менен танысты.

IT Park’тиң Саудия Арабстанындағы ўәкилханасы еки мәмлекеттиң инновациялық экосистемалары арасындағы бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўда қоллап-қуўатлаўшы көпир болады.

 

ӨзА