Қанлыкөл районы Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан “Жаслар сейил орайы” ның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў салтанатында район ҳәкими Б.Султанов, сектор басшылары, тийисли тараў ўәкиллери, район жаслары, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар қатнасып, дәстүрий ленталар кесилди.

Район ҳәкими Б.Султанов шығып сөйлеп, жаслар сейили орайын қурып питкерген қурылысшыларға өз миннетдаршылығын билдирди.

Атап өтилгениндей, жаслар – жәмийетимиздиң ҳәрекетлендириўши күши, елимиздиң гүллениўи ҳәм абаданлығының тийкары болып табылады. «Жаслар сейил орайы» район жаслары ушын үлкен имканиятлар майданына айланады. Ҳәзирги күнде жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер ҳәм шараятлар миллетимиздиң айдын келешегин тәмийинлеўде әҳмийетли.

Басламалы бюджет тийкарында 1 миллиард 207 миллион сумнан аслам қаржы есабынан қурып питкерилген бул дем алыў орны, халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын тек ғана дем алыў орны емес, ал жаслардың өз идеяларын ҳәм әрманларын әмелге асыратуғын, билимлерин жетилистиретуғын ҳәм саламат турмыс тәризине шақыратуғын орайға айланады. Жаслар ушын арналған  бундай орынлардың қурылыўы олардың руўхый ҳәм физикалық жетиклигин тәмийинлеў жолындағы гезектеги қәдемлеримиздиң бири, десек асыра айтпаған боламыз.

Бул орайда жаслар ушын биринши гезекте сейил орайы, ҳәр қыйлы байрам илажлары, бийпул Bookcafe, WiFi зона ҳәм саўда хызмети ушын шараятлар жаратылған.

Орайдың ашылыў   салтанатында жас жубайлардың рәсмий некеден өтиў мәресими де өткерилди.

Буннан соң районлық Ўатан таянышы отряды шығыўлары байрамға өзгеше кейпият бағышлады. Бул отрядларға ағза болған оқыўшилардың қатнасыўында, спорт жарыслары, әскерий техникалық көргизбели шығыўлар өткерилди.

Байрам илажы эстрада жулдызларының концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги