Халықаралық дзюдо федерациясы (IJF) 2024-жылғы спорт тараўында түрли бағдарлар бойынша ең жақсы болыўға талабанларды анықлаў бағдарында жәриялаған бағдарларында мәмлекетимиз ўәкиллери де бар екенлиги итибарға ылайық.
Оған бола, Өзбекстан дзюдо федерациясының басламасы менен шөлкемлестирилген балалар ушын арнаўлы жойбары, «Париж-2024» Олимпиада ойынларының алтын медаль ийеси Диёра Келдиёрованың япониялы Ута Абе үстинен жеңиске ерискени, Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы тренери Марко Шпиттка, Муҳаммад Жумаевтың «Үлкен дубылға» турнириндеги түрли номинацияларда 2024- жылдың ең жақсысы болыўға талабан сыпатында көрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Диёра Келдиёрова «Жылдың ең жақсы ҳаял дзюдошысы» болыўға даўагерлерден бири саналады.
Талабанлар даўыс бериў жолы арқалы анықланады. Жуўмақлаўшы нәтийжелер келеси жылдың 10- январь күни жәрияланады.
ӨзА