Жаңаланған Конституцияға тийкарланып ҳәкимлердиң халық депутатлары жергиликли кеңеслерине басшылық етиў әмелияты басқышпа-басқыш бийкар етилмекте. Бул норма усы жылдан баслап ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине, 2026-жылдан болса районлық, қалалық кеңеслерине қолланылады.
Усы жылы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеслериниң биринши шөлкемлестириў сессияларында депутатлар арасында биринши мәрте кеңес баслықлары сайлап алынды.
Олий Мажлис Сенатында халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеслери баслықлары ҳәм секретариат баслықлары ушын кеңеслер жумысының раўажланыўы, жергиликли атқарыў ҳәм ўәкилликли ҳәкимияттың бөлиниўи принципи бойынша конституциялық нормалардың енгизилиўи ҳәм тараўға байланыслы реформалар бойынша семинар шөлкемлестирилди.
Илажда Сенат Баслығы Т.Норбоева Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар сыяқлы жергиликли кеңеслердиң жәмийетлик турмыстағы орнын арттырыўға қаратылған системалы жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.
Депутатлардың жергиликли атқарыў уйымлары менен нәтийжели қарым-қатнасын жолға қойыў, олардың аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың мәплерин қорғаўдағы роли күшейтилмекте.
Соның менен бирге, парламент палаталарының мәжилислеринде мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген тийкарғы ўазыйпаларға ҳәм бул бағдарда ўәкилликли уйымлардың ролине тоқтап өтилди.
Жергиликли кеңеслер ҳәм депутатлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, сайлаўшылар менен ислесиў, халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиўде «мәҳәлле жетилиги» ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелерине итибар қаратылды.
Семинарда жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў ҳәм олардың орынланыўын қадағалаў, нызамлардың оранланыўын тәмийинлеў ҳәм аймақлық бағдарламалардың орынланыўын қадағалаў, атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының есабат ҳәм мәлимлемелерин тыңлаўдың тәсиршең механизмлерин қолланыў мәселелерине итибар берилди.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы «Күшли кеңес, есап бериўши ҳәм интакер ҳәким» принципи тийкарында дүзилмекте. Бул қатнас жергиликли кеңеслердиң белсендилигин арттырыўға, аймақтағы машқалаларды шешиўде интакерликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
Семинарда Сенат комитетлери, Сенат аппаратының қурамлық бөлимлери, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери жергиликли кеңеслер ҳәм олардың уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, қарарлар қабыл етиўде ашық-айдынлықты, нызамлылықты тәмийинлеў, сондай-ақ, кең жәмийетшиликтиң пикирин инабатқа алыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Н.Абдураимова,
ӨзА