Быйыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов “ACVA POWER WIND KARATAU” жуўапкершилиги шекленген сырт ел кәрханасының баслығы Соумендра Роут ҳәм “SYNOHYDRO TASHKENT” жуўапкершилиги шекленген сырт ел кәрханасының баслығы Шин Ханг арасында бирге ислесиў бойынша хожалық шәртнамасы дүзилген еди.

Хожалық шәртнамасы шеңберинде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери бойынша берилген техникалық тапсырмаларды орынлаў мақсетинде Археология кафедрасының доцентлери С.Сайпов ҳәм А.Әлимбетовлар Қараөзек районындағы Қойбақ АПЖ аймағындағы Нөкис-1, 100 МВ  қуўатлылықа ийе болған самал электр өткериў линиясы ҳәм самал электростанциясының қурылыс жумыслары алып барылып атырған жердеги қазылған орынларда үйрениў жумысларын алып барды.

Бақлаў-үйрениў жумыслары ўақтында ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 МВ болған 16 самал турбина генераторларының қурылысы, электр узатыў линиясы, қурылыс аймағындағы жатақ жайдың қурылысы, техникалык қәўипсизлик, жумыс ислеўшилерге хызмет көрсетиў орынларының қурылыс жумыслары көзден өткерилди.

Сондай-ақ, бақлаў жумыслары даўамында қурылысшыларға тарийхый естеликлер, археологиялық объектлер ҳәм материаллар менен ислесиў, мәдений қатламлардың өзгешеликлери, археологиялық естеликлердиң түрлери, археологиялық қурылыслар, қорған қалалар, қоныслар, қалашалар, мәкан орынлар, аўыллар, қойымшылықлар, төбешиклер, таў-таслардағы сүўретлер, петроглифлер, таў кәнлери ҳәм устаханалар, сыйыныў орынлары, археологиялық табылмалар, гидротехникалық қурылыслар ҳаққында көргизбе қураллардан пайдаланылып түсиндириў жумыслары алып барылды.

Егер усындай археологиялық материаллар табылса, бул жерде археологиялық илимий-изертлеў жумысларын алып барыў зәрүрлиги бойынша көрсетпелер берилди.

Университеттиң Археология кафедрасының археологлары республикамызда алдағы ўақытлары да алып барылатуғын усындай үлкен қурылыс жумысларында бирге ислесиў бойынша келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги