Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўда жаслардың орны әҳмийетли. Қалаберди, жас әўлад ўәкиллерин ана тәбиятқа меҳир ҳәм ғамқорлық руўхында тәрбяилаў, оларда экологиялық мәдениятты қәлиплестириў бүгинги дәўир ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Экологиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы шөлкемлеринде жаслардың қатнасыўында «Жас экологлар» қанатын шөлкемлестириў, Кеңес ағзалары ҳәм басшыларын сайлаў мәселесин көрип шығыў бойынша конференция болып өтти.
Партия шөлкемлери жанында «Жас экологлар» қанатын шөлкемлестириўден мақсет, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда жасларды кеңнен тартыў, өсип киятырған әўлад арасында экологиялық мәдениятты және де кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм бул арқалы экологиялық турақлылыққа ерисиў болып есапланады.
Барлық аймақлық шөлкемлерде өткерилген конференцияларда жасларды қоллап-қуўатлаған ҳалда «Жас экологлар» қанаты шөлкемлестирилди, оның ағзалары ҳәм баслығы сайланды.
Конференцияларда қатнасқан жаслар 2025-жыл даўамында жаслар арасында үгит-нәсиятлаў илажларын нәтийжели шөлкемлестириў, түрли таңлаўлар, акциялар өткериў бойынша өзиниң усынысларын билдирди.
Декабрь айының үшинши он күнлигинде республикалық «Жас экологлар» қанаты конференциясын өткериў бойынша қарарлар қабыл етилди.
М.Комилова, ӨзА