«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, ер адамлар 60 жасқа, ҳаяллар – 55 жасқа толғанда ҳәм мийнет стажы кеминде 7 жыл болғанда толық емес жасқа  байланыслы пенсия тайынланатуғыны белгилеп қойылған. Егер пуқаралар 101 түрдеги жумыс пенен шуғылланатуғын болса ҳәм орнатылған тәртипте өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтип, базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есесине социаллық төлемин төлесе, 1 жыллық мийнет стажы есаланатуғыны белгиленген.

ӨзА