Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.
Оған муўапық, исбилерменлик субъектлерин қаржы-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған деп есаплаў ушын тийкар болатуғын мүддетти қысқартыў ҳәм оларды сапластырыў тәртибин және де әпиўайыластырыў, товарларды импорт етиўде ҳәм товарларды (хызметлерди) реализациялаўда төленетуғын қосымша қун салығының суммаларын өз-ара есапқа алыў тәртибин қолланыўды кеңейтиў, сондай-ақ, мәжбүрий санлы маркировкалаў процесслерин жеделлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине:
қаржы-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған исбилерменлик субъектлерин белгилеў нормаларын жетилистириў;
жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлериниң раўажланыўын баҳалаў көрсеткишлерин оптималластырыў;
«ВВВ» категориядағы исбилерменлик субъектлерине товарларды импорт етиўде ҳәм товарларды (хызметлерди) реализациялаўда төленетуғын қосымша қун салығы суммаларын өз-ара есапқа алыў тәртибин қолланыў;
жергиликли пиво өнимлерин реализациялаў жумысын ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырыўды нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи.
ӨзА