Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде бир қатар нызам жойбарлары қызғын додаланды. Соның ишинде, дәслеп судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.
-Әмелдеги тәртипке бола, Жоқары суд баслықларының орынбасарлары – тийисли судлаў коллегиялары басшыларының лаўазымына анық бағдар (ҳәкимшилик, пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық) бойынша сайланыўы белгиленген, – деди депутат Зулайҳо Акромова. – Жоқары суд судьяларына болса анық бағдар бойынша сайланыў тәртиби енгизилмеген. Бул болса судьялардың өзин-өзи басқарыў принципин кеңнен енгизиўге тосқынлық етип, Жоқары суд баслығының орынбасарларын бир судлаў бағдарынан басқа бир судлаў бағдарына өткериў (ротациялаў) имканиятын бермейди. Усы мүнәсибет пенен нызам жойбарында «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 19-статьясына Жоқары суд қурамының судлаў коллегияларының баслықлары менен байланыслы өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.
Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи судлар жумысының нәтийжелилигин жоқарылатыў, әдил судлаўдың сапасын арттырыў, басшы кадрларды мүнәсип судлаў бағдарына өткериў (ротациялаў) имканиятын жаратыў, сондай-ақ, мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги абырайын көтериўге хызмет етеди.
М.Комилова, ӨзА