Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине ақша талапнамасынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў есабынан қаржыландырыў (факторинг) қатнасықларын раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде ақша талапнамасынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў есабынан қаржыландырыў (факторинг) операцияларын тәртипке салыўшы тийкарғы нормалар факторинг қатнасықларын әмелге асырыў ҳәм тәртипке салыў бойынша усы тараўдың раўажланыўына тосқынлық етпекте. Бул болса өз гезегинде, мәмлекет қаржы базарында тек ғана факторинг жумысы менен шуғылланыўшы өз алдына қаржы институтының жоқ екенлиги исбилерменлер ҳәм инвесторлар тәрепинен факторинг базарына инвестиция киргизилмей атырғанына себеп болмақта.

Усы мүнәсибет пенен, Өзбекстанда факторинг қатнасықларын раўажландырыў мақсетинде нызам ҳүжжетлери, атап айтқанда, Пуқаралық кодексине ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине халықаралық тәжирийбеден келип шығып бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи Өзбекстанда факторинг қатнасықларын тәртипке салыўшы нызамшылық ҳүжжетлериниң нормалары халықаралық тәжирийбеге муўапықластырылып, факторинг хызметлеринен пайдаланыў имканиятларының кеңейтилиўине хызмет етеди.

М.Комилова, ӨзА