Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигинде Transparancy International шөлкеминиң Миллий ҳадаллық системасы (National integrity system (NIS)) жойбарын таныстырыў ҳәм додалаўға бағышланған илаж болып өтти.
Атап өтилгениндей, Миллий ҳадаллық системасы (МҲС) методикасы Transparancy International тәрепинен ислеп шығылған болып, ол мәмлекетлик институтлардың коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша нәтийжелилигин ҳәм исенимлилигин баҳалаўға қаратылған.
МҲС мәмлекеттеги коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер басқарыў институтлары, сондай-ақ, усы бағдарда үлкен әҳмийетке ийе болған бир неше секторлардың жумысын өз ишине қамтып алады ҳәм коррупцияның алдын алыўға комплексли көзқарасларды нәзерде тутады. МҲС баҳалаў тек ғана ҳәр бир мәкеме яки секторды терең талламайды, ал олардың арасындағы байланысларды да баҳалайды.
Transparancy International 1990-ыжлдан берли усы методиканы 100 ден артық мәмлекетте енгизген.
Илажда Өзбекстанда енгизиў ушын бейимлестирилген МҲС бойынша улыўма методика таныстырылды. Бул Европа Аўқамы ҳәм Германия Федерал экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў министрлигиниң қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған «Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў: коррупцияның алдын алыўға инклюзивлик көзқарас» жойбарының 2024-жылға мөлшерленген Илажлары шеңберинде Transparancy International шөлкеми тәрепинен ислеп шығылған.
МҲС енгизилиўине БМШ Раўажланыў бағдарламасының экспертлери де тартылған.
Бүгинги күнде методика 15 әҳмийетли бағдарды өз ишине алып, атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәкимият институтлары (нызам шығарыўшы, атқарыў, суд ҳәкимияты, сайлаў системасы), ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа институтлар (Бас прокуратура, ИИМ, МҚХ, Омбудсман, коррупцияға қарсы гүресиўши уйымлар), басқарыў майданында жедел болған тийкарғы социаллық күшлер (сиясий партиялар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети ҳәм бизнес ўәкиллери), экономикада мәмлекеттиң қатнасы бар кәрханаларда жумыс алып барыў нәзерде тутылған.
Атап өтилиўинше, Өзбекстандағы МҲСның усы баҳаланыўында 2022-2024-жыллар қамтып алынады. Бул процесс 2025-жылдан басланады. Жуўмақлаўшы есабат болса 150 ден артық көрсеткишти өз ишине алған ҳалда миллий ҳадаллық ҳәм пүтинликти тәмийинлеў системасы ҳаққында толық мағлыўмат береди.
Илажда Өзбекстан шараятында енгизиў ушын бейимлестирилген МҲС бойынша улыўма жаңалықлар, қосымша ҳәм өзгерислер көрип шығылып, оларды жетилистириў мәселелери додаланды.
Transparancy International шөлкеминиң латвиялы экспертлериниң қатнасыўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери ушын семинар да шөлкемлестирилди. Онда Коррупцияны қабыллаў индексиндеги тийкарғы индикаторлар, баҳалаў нормалары бойынша толық мағлыўмат берилди.
Н.Абдураимова,
Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзА