Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүрсеиў бағдарында қатаң илажлар әмелге асырылып, жүзден аслам нормативлик ҳүжжет, соның ишинде, айрықша нызам, пәрманлар, қарарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилди.

Мәмлекетлик  ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, нызам үстинлигин  тәмийинлеў ҳәм суд-хуқық системасын және де реформалаў, мәмлекетлик хызметти түп-тийкарынан жетилистириў арқалы барлық тараўларда  коррупцияны сапластырыў, оның тамыр жайыўына шараят жаратып атырған себеплерди сапластырыўға қаратылған избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемелрдиң коррупцияға қарсы гүрсеиў ҳәм ашық-айдынлық бағдарындағы жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў, коррупциялық қәўип-қәтерлерди мәжбүрий анықлаў ҳәм баҳалаў системалары енгизилди.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң әдеп-икрамлылығының жаңа редакциядағы үлгили қағыйдалары ҳәм мәмлекетлик уйымлардағы әдеп-икрамлық коммиссиясы ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды.

Барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде халықаралық стандартлар тийкарында коррупцияға қарсы ишки қадағалаў (комплаенс – қадағалаў) структураларының жумысы  жолға қойылды.

9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Өзбекстан  Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАда өткерилген дөгерек сәўбетинде усы ҳаққында сөз болды.

Қатнасыўшылар коррупцияға қарсы гүресиўде ашықлық принципиниң әҳмийети, жәмийетте коррупцияға маўасасызлық орталығы қәлиплесиўинде журналистлердиң орны ҳәм роли, структурада жолға қойылған коррупцияға қарсы гүресиў системасының жумыс нәтийжелилигин арттырыў мәселелерин кеңирек додалады.

Коррупцияға қарсы гүресиў процесслеринде белсене қатнасып атырған пуқаралық жәмийети институтларының жумысын кеңнен сәўлелендириў, олар менен бирге ислесиў қатнасықларын және де  беккемлеў, жәмийетлик қадағалаў алып барлыўында белсене қатнасыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Халықтың  коррупция иллети менен байланыслы мағлыўматлардан хабардарлығын арттырыў, коррупцияға дус келгенде әмелге асырыўы зәрүр  болған жумыслар ҳаққындағы хабарлар, таллаўларды көбирек жәриялаў, улыўма, жәмийетте коррупцияның алдын алыў механизми күшейиўине үлес қосыў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

   Н.Абдураимова, ӨзА