Президент тәрепинен қол қойылған айырым нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Нызам менен Өзбекстан Қураллы Күшлеринде ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларында хызметти өтеў менен байланыслы шеклеўлер белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметлерине исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўға, өз хызмет ўәкилликлерин физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мәплерин гөзлеп орынлаў яки орынламаўдың орнына олардан қандайда бир сыйлық, пайда яки саўғалар алыўға, нызамшылықта нәзерде тутылмаған жеңилликлерден, преференциялар яки абзаллықлардан өз хазмет статусы менен байланыслы ҳалда пайдаланыўға байланыслы шеклеўлер белгиленбекте.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап бир ай өткеннен соң күшке киреди.
ӨзА