Энергетика министрлиги ҳәм Азия раўажланыў банки менен биргеликте жанылғы-энергетика комплекси шөлкемлеринде гендер теңликти кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм тәмийинлеўге  бағышланған  оқыў-семинар өткерилди.

Илажда Энергетика министрлиги, «Өзбекнефтьгаз» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзбекгидроэнерго» АЖ, «Өзхимиясанаат» АЖ, Өзбекстан энергетика  нефть-газ ҳәм геология кәсиплик аўқамлары  республикалық кеңеси ҳәм Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлигинде гендер сиясатын әмелге асырыўға жуўапкер хызметкерлер қатнасты.

Оқыў-семинарда энергетика тараўын реформалаў  бағдарламасы шеңберинде гендер стратегиясын көрип  шығыў ҳәм оны әмелге асырыў ушын зәрүр илажларды белгилеў мақсет етилди.

Илаж жуўапкерлериниң атап өтиўинше, гендер теңлик сиясаты ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын барлық  тараўларда теңдей  имканиятлар  жаратыўға қаратылған илажлардың комплекси болып есапланады. Бул сиясат мийнет базары, билимлендириў, сиясат, экономика ҳәм социаллық турмыстағы теңсизликлерди сапластырыўды нәзерде тутады. Буннан тийкарғы мақсет болса  ҳәр бир шахстың социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўдағы үлесин теңдей баҳалаў ҳәм ерлер менен ҳаял-қзлар ушын теңдей шараятлар жаратыў болып есапланады. Бул процессте инновациялық процесслер, маманлық арттырыў ҳәм нызамшылықты жетилистириў сыяқлы илажлар әҳмийетли орын тутады.

Илаж даўамында жанылғы-энергетика тараўында ҳаял-қызлардың үлесин  арттырыўға қаратылған жаңа процесслер менен идеялар додаланды. Оқыў-семинардың жуўмағында келеси бес жыл ушын мөлшерленген тараўдың жаңа гендер сиясатының жойбары ислеп шығылды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА