Өзбекстан Республикасы Президенти «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыўға белсенди нуранийлерди тартыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етти.
Оған муўапық, мәҳәллелерде үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе болған абырай-мәртебели үш белсенди нуранийди бес кәмбағал шаңараққа бириктириў арқалы оларды кәмбағаллықтан шығарыўға жәрдем бериў ҳәм мәҳәлледе саламат турмыс тәризин ҳәм социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириўге тартылады.
Белсенди нуранийлердиң тийкарғы ўазыйпасы төмендегилерден ибарат болады:
а) шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында:
шаңарақтағы қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, қыйтақ жерде жоқары дәраматлы егин түрлери егилиўин шөлкемлестириў, егинлерди өсириў көнликпесин қәлиплестириў ҳәм жетистирилген өнимлердиң реализацияланыўына жәрдем бериў;
шаңарақты дәраматлы етиў ушын көшпели дүкан, киши өндирис үскенелерин ҳәм басқа зәрүр техника қуралларын бөлип төлеў шәрти менен ижараға алыўға жәрдем бериў;
кәмбағал шаңарақ перзентлерин, олардың қызығыўшылықларынан келип шығып мәҳәллелердеги өнермент ҳәм усталарға шәкиртликке бириктириў, сондай-ақ, бул шаңарақлардың билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған перзентлерин оқыў үскенелери ҳәм қураллары және спорт кийимлери менен тәмийинлеў, олардың қосымша сабақлар ҳәм дөгереклерге қатнасыўын шөлкемлестириў;
шаңарақтың социаллық шәртнамадағы миннетлемелерин орынлаў үстинен жәмийетлик қадағалаў орнатылыўын шөлкемлестириў;
б) мәҳәллелерде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарында: мәҳәлледе пияда жүриў мәдениятын үгит-нәсиятлаў;
турақ жайлардың санитария жағдайын жақсылаўға ҳәм тазалықты сақлаўға, шаңарақ ағзаларын зыянлы әдетлерден ўаз кешиўге шақырыў;
кексе жастағы пуқаралар ушын сәйкес келетуғын спорт илажларын шөлкемлестириў, оларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға тартыў, сондай-ақ, спорт илажларында қатнасыўына байланыслы қәрежетлерин, соның ишинде, транспорт қәрежетлерин қаплап бериўди шөлкемлестириў;
в) ҳәр бир мәҳәлледе «нуранийлер ҳәм ата-аналар кеңеси»н шөлкемлестириў арқалы мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында:
шаңарақларда аўызбиршилик ҳәм миллий қәдириятларды беккемлеў, мәҳәллелерде өз-ара аўызбиршилик ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў;
майыплығы болған, профилактикалық есапта турған ҳәм кем тәмийинленген шахсларды мәҳәллелердеги жәмәәтлик илажларға тартыў;
машқалалы ҳәм ериншеклик кейпиятына түсип қалған шаңарақлар менен ислесиў.
Қарарға муўапық, белсенди нуранийлерге кәмбағал шаңарақлар алты ай мүддетке бириктириледи ҳәм «мәҳәлле жетилиги» шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўда нуранийлерге жақыннан жәрдем береди.
Белсенди нуранийлер ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50 проценти муғдарында хошамтленип барылады.
ӨзА