«Янги Ўзбекистон» ҳәм «Правда Востока» газеталары басылымының yuz.uz сайты Өзбекстан, дүнья жаңалық ҳәм хабарларын қарақалпақ тилинде де жарытыўды баслады.

Бул, әлбетте, халқымыздың қарақалпақ тилинде сөйлесетуғын ўәкиллерин дурыс, қалыс ҳәм рәсмий мәлимлемелер, соның ушын, мәмлекетимизде болып атырған избе-из жәмийетлик-сиясий, экономикалық реформалар, жаңадан қабыл етилген ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер менен таныстырыўға болған және бир қәдем болып есапланады.

Соның менен бирге қарақалпақ тилиниң раўажланыўы ҳәм оның медиа мәканындағы орнының беккемлениўине хызмет етеди.

Жаңалықларды қарақалпақ тилинде оқыў ушын сайт бетиниң жоқары бөлиминдеги тиллер арасынан қарақалпақша таңланады ҳәм қәлеген хабарды усы тилде оқыў мүмкин болады.

Бул бөлимде сиясат, экономика, илим ҳәм билимлендириў, туризм ҳәм спорт сыяқлы бир қанша тараўлардағы әҳмийетли хабарлар берип барылады.

Буннан тысқары, «Янги Ўзбекистон» газетасында басып шығарылған дәўирдиң  руўхын бериўши, әҳмийетли мәсәләлердиң таллаўына байланыслы машқалалардың ҚР_кодын сканер етиў арқалы сол мақаланың қарақалпақ тилиндеги аўдармасын ҳәм эксклюзив видеоларды көриўиңиз мүмкин.

Еслетип өтемиз, Yuz.uz сайты ҳәзирги күнде бес тил – өзбек, рус, инглис, қазақ ҳәм тәжик тилинде өз жумысын алып барады.

ӨзА