Өзбекстанның Нидерландиядағы елшиси етип тайынланған Ғайрат Фозилов усы мәмлекеттиң Сыртқы ислер министрлиги Протокол ҳәм сырт еллер байланыслар департаментиниң директоры Хансу Акербумға исеним жарлығының нусқасын тапсырды. Дипломатымыз өз жумысын Брюссель қаласындағы резиденциядан турып алып барады.
Сөйлесиў ўақтында сиясий-дипломатиялық, парламентлераралық, саўда-экономика ҳәм инвестиция тараўларында қатнасықлар раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы жылы апрель айында Ташкент қаласында еки мәмлекет сыртқы сиясат уйымлары мәсләҳәтлесиўлериниң гезектеги дөгерек сөйлесиўиниң жуўмағы унамлы баҳаланды ҳәм бул механизмди турақлы жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Илажда еки ҳәм көп тәреплеме шериклик көлемин кеңейтиў бойынша келешектеги режелер, ҳәр қыйлы дәрежедеги ушырасыў ҳәм илажлар кестеси бойынша да пикир алмасылды.
Ханс Акербум Протокол бөлими елшихана жумысын, соның ишинде Өзбекстан-Нидерландия сөйлесиўин беккемлеўге ҳәр тәреплеме жәрдемлесетуғынын тастыйықлады.
Еслетип өтемиз, мәмлекетимиздиң Европа Аўқамындағы миссиясының басшысы, Елши Ғайрат Фозилов 14-ноябрь күни Европа кеңеси президенти Шарль Мишельге исеним жарлығын тапсырған. Быйыл 7-февраль күни болса оның Бельгия Патшасы Филиппке исеним жарлығын тапсырыў мәресими шөлкемлестирилген еди.
ӨзА